Шымбай районындағы «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйынында  Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановтың пуқараларды қабыллаўы болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға райондағы кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў, ишки ислер уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиздиң басламасы менен ҳәр бир тараў, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымлары басшыларының орынларда көшпели қабыллаўлары шөлкемлестирилмекте. Бундағы тийкарғы мақсет, пуқараларға қолайлы шараят жаратыў, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалаларды орынларда үйренген ҳалда шешиў болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң көшпели қабыллаўында 18 пуқара тәрепинен билдирилген 33 мәселе көрип шығылды. Соннан еки пуқараның мүрәжаты сол жердиң өзинде шешимин тапты, 27 мәселе бойынша ҳуқықый түсиник берилди. Пуқаралар тәрепинен билдирилген төрт мәселе тийисли тараў басшылары тәрепинен көрип шығылып, шешилетуғын болды. Соның ишинде, «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Т.Жиемуратованың үйи район ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде оңланып берилетуғын болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.