USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 25 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Оқыўға киргизиўди ўәде еткен университет хызметкери усланды

Бас прокуратура жанындағы Департамент хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажда Әндижан мәмлекетлик университетиниң архив баслығы Г.М. пуқара З.Н.дан оның өзин ҳәм таныслары Д.М. ҳәм М.Ю.ларды усы университеттиң «Сүўретлеў көркем өнери» бағдары бойынша «сыртқы» бөлимине оқыўға киргизип қойыў есесине ҳәр бири ушын 4.000 АҚШ долларын талап етип, жәми 12 000 АҚШ долларын өз хызмет ханасында алған ўақтында айғақлы дәлийллер менен усланған, делинеди Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының хабарында.

Бул жағдай бойынша Г.М.ға Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Жоқарыдағыдай ҳәр қыйлы нызамсыз жоллар менен оқыўға киргизиўге ўәде берип, дәмегөйлик етип атырған пуқаралар ямаса лаўазымлы шахсларға дус келсеңиз, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының қысқа санлы 10-07 ямаса Департаменттиң 71-233-10-07 санлы күни-түни ислейтуғын исеним телефонларына мүрәжат етиўиңиз соралады.

ӨзА