Аи-91 бензининиң баҳасы 15-августтан биржа саўдалары арқалы еркин белгиленеди. Ҳәзирги ўақытта бир литр Аи-91 биржада юридикалық шахсларға орташа 5500 сумнан сатылмақта.  Бул ҳаққында «Gazeta.uz» сайты хабар бермекте.

15-августтан баслап Аи-91 маркалы бензинниң баҳасы биржа саўдалары арқалы белгиленеди.

«Өзбекнефтьгаз» компаниясының «Gazeta.uz» ға хабар бериўинше, Аи-91 ендигиден былай қатаң белгиленген баҳада сатылмайды. Ҳәзирги ўақытта оның бир литри 4500 сумнан.

Аи-91 бензинин сатып атырған жанылғы қуйыў шақапшалары енди оны биржа саўдаларынан сатып алады ҳәм баҳаларды өз қәрежетлеринен келип шығып еркин түрде белгилейди.

15-августтан Аи-80 бензини  4500 сумнан, дизель жанылғысы 5400 сумнан, ЭКО дизель жанылғысы 5700 сумнан сатылады.

Өзбекстанда автобензинлер (Аи-80, Аи-90,  Аи-92 ҳәм Аи-95) ҳәм дизель жанылғысы Ферғана ҳәм Бухара нефьтти қайта ислеў  заводларында ислеп шығарылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги