Өзбекстан ҳәм Германия президентлериниң сөйлесиўлери жуўмағында қол қойылған ҳүжжетке муўапық, Өзбекстанда «Volkswagen»  компаниясы менен биргеликте коммерциялық автомобильлерди ислеп шығарыў жолға қойылатуғыны мәлим болған еди.

Kun.uz’дың «Өзавтосанаат»дағы дәрегиниң мағлыўматларына бола, Volkswagen Caddy, Volkswagen Crafter, Volkswagen Tiguan ҳамда Skoda Octavia маркалы машиналар Өзбекстанда ислеп шығарыў ушын таңлап алынған.

«22-май күни өткерилген сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша Volkswagen компания менен ислеп шығарылыўы нәзерде тутылған авто моделлер таңлап алынды. Оған муўапық, Caddy 5-әўлад маркасы (7 орынлық жолаўшы тасыў ушын қолайлы микроавтобус ҳәм минивэн) ҳәм Crafter (5 тоннаға шекем жүк тийеў мүмкин болған фургон ҳәм 18 орынлық автомобиль), С класс Skoda Octavia ҳәм Tiguan ислеп шығарылыўы дәслепки режеге киргизилди», – делинеди дәректиң мәлимлемесинде.

Volkswagen Caddy

«Завод Самарқандта қурылады»

2017-жылы Өзбекстан Республикасы бас министри Абдулла Ариповтың Германияға рәсмий сапары шеңберинде «Өзавтосанаат» ҳәм Volkswagen AG концерни арасында JV MAN Auto-Uzbekistan қоспа кәрханасында Volkswagen Amarok пикапларын ислеп шығарыўды жолға қойыў мәселеси көрилген еди. Жойбар 2018-2019-жылларда әмелге асырылыўы режелестирилген еди.

Volkswagen Crafter

JV MAN Auto-Uzbekistan Орайлық Азиядағы MAN маркадағы жүк ҳәм жолаўшы тасыўға қәнигелескен транспорт қуралларын ислеп шығарыўшы кәрхана есапланады. 2009-жылдың август айында шөлкемлестирилген компания Самарқанд ўәлаятында жайласқан. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан – Германия қоспа кәрханасы 15 тоннадан 50 тоннаға шекем жүк көтериў қуўатлылығына ийе заманагөй MAN коммерциялық автотранспорт қуралларын ислеп шығармақта. Бирақ Volkswagen менен ерисилген келисим кейинги еки жылда қайта еске алынбады.

«Өзавтосанат» Volkswagen’ға перспективалы шерик сыпатында қараған

«Өзавтосанаат» басқарма баслығы лаўазымында ислеген Умиджон Салимов Асакадағы General Motors Uzbekistan акциялары миллийлестирилгеннен кейин, GM’ның орнына Европа ислеп шығарыўшысы келиўи мүмкин екенлиги атап өтип, 2018-жыл май айларында ол итималлы шерик сыпатында Volkswagen’ди тилге алған еди.

Арадан бир ай өтип, Volkswagen Германияның автомобиль концерни ҳәм «Өзавтосанаат» Өзбекстан аймағында биринши қоспа модельди ислеп шығарыў бойынша линияны иске қосыўды дерлик муўапықластырып алғаны мәлим етилди.

Volkswagen Tiguan

« Volkswagen менен бирге ислесиўди алты ай алдын басладық. Оларда бул жерге альтернатив өндиристи шөлкемлестириўге белгили бир қызығыўшылық бар. Бул бизлердиң басқа брендлердиң ислеп шығарылыўы бойынша мәплеримизге сәйкес келди, себеби мультибрендинг бизлердиң тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири», – деген еди Умиджон Салимов.

Перспективалы бағдар – бул Amarok пикапы, ол муўапықластырыў процесинде болған.

Президенттиң Volkswagen ўәкиллери менен ушырасыўлары

2019-жыл январь айында Германияға сапар етип барған Шавкат Мирзиёев мәмлекеттиң жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыў өткерген еди. Олардың қатарында Volkswagen басшысы да болған.

Усы жылдың май айында Өзбекстанға келген Германия президенти Франк Вальтер Штайнмайер немис автомобиль ислеп шығарыўшысының өзбек базарында жумыс баслаўын қоллап-қуўатлаған.

uY8iZ1BYCXPERvkX2qK3djpuG66bgYwU.jpg

Skoda Octavia

Усыған қарамастан, заводты қурыў, компанияның жумысын жолға қойыў бойынша рәсмий мағлыўмат тарқалмады. Келешекте завод қай жерде жумыс баслайтуғыны да белгисиз.

Мағлыўмат ушын, бас резиденция Германияның Вольфсбург қаласында жайласқан Volkswagen AG дүньядағы жетекши ири автомобиль қурылысы концернлеринен бири болып есапланады. Концерн дүньяға белгили 20 брендти өзинде бирлестирген: Volkswagen, Audi, Seat, Skoda, Bentley, Bugatti, Lamborghini, Porsche, Ducati, Scania ҳәм MAN усылардың қатарына киреди.

ӨзА