USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 25 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ МИНСККЕ КЕЛДИ

Минск, 31-июль. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Матназар ЭЛМУРОДОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың мирәт етиўине байланыслы 31-июль күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетке келди.

«Минск» миллий аэропортында, жоқары мәртебели мийманды Беларусь Республикасының Бас министри Сергей Румас, сыртқы ислер министри Владимир Макей ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.

Мәмлекетимиз басшысы Беларусьтың рәсмий тәртибине бола Минск қаласындағы Жеңис монументине гүл қойды.

Әскерий оркестрдиң атқарыўында еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады. Ҳүрметли қараўыл әскерлериниң салтанатлы маршы болып өтти.

Жеңис монументи мәмлекет пайтахтының нышанларынан бири болып есапланады. Естелик Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңис ҳәм фашизмге қарсы гүресиўде жанын пидә еткенлердиң естелигине бағышлап 1954-жылы бой тиклеген.

Сапардың тийкарғы ўақыялары 1-августқа мөлшерленген.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Лукашенко Минск қаласындағы Ғәрезсизлик сарайында тар ҳәм кең шеңберде сөйлесиўлер өткереди. Усы сөйлесиўлерде 2018-жыл Ташкентте болып өткен Өзбекстан – Беларусь жоқары дәрежедеги сөйлесиўиниң даўамы сыпатында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын ҳәм перспективаларын, сондай-ақ, регионаллық және халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалаў режелестирилген.

Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўге қол қойыўы ҳәм Өзбекстан менен Беларусь арасындағы көп қырлы шерикликти жаңа басқышқа көтериўге хызмет ететуғын салмақлы ҳүжжетлердиң топламы қабыл етилиўи күтилмекте.

Бул келисимлер мәмлекетлеримиз арасында инвестициялар, өндирис, илимий-техникалық кооперация тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге, аймақлар арасында тиккелей байланысларды орнатыўға беккем тийкар жаратады.

Сапар етиў бағдарламасынан Президентлердиң Минскте ашылған Өзбекстан миллий санаат көргизбеси ҳәм Беларусь жоқары технологиялар парки менен танысыўы да орын алған.

ӨзА