КИРИСИЎ

Инсан мәплери, ҳуқық ҳәм еркинликлери жоқары қәдирият есапланған демократиялық жәмийетти сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигисиз көз алдымызға келтире алмаўымызды тән алып, биз – Өзбекстан Журналистлери усы кәсиплик этикасы кодексин (кейинги орынларда – Кодекс) қабыл еттик.

Кодекс Инсан ҳуқықлары пүткил дүнья жүзилик декларациясы (БМШ Бас Ассамблеясы, 1948-жыл), Журналистикада кәсиплик этикасы халықаралық принциплери халықаралық декларациясы (Халықаралық журналистлер федерациясының конгресси, 1954-жыл) ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамшылығы есапқа алынған ҳалда ислеп шығылды.

Кодекс журналистлер ҳәм барлық ғалаба хабар қураллары хызметкерлери өзлериниң миннетлемелерин орынлаўда әмел етиўи шәрт болған руўхый-әдеп-икрамлылық бағдарларды белгилейди.

 

1.ЖУРНАЛИСТТИҢ КӘСИПЛИК МИННЕТЛЕМЕСИ

Исенимлилик, қалыслық, әдиллик, пикирлердиң ҳәр-қыйлылығы ҳәм инсан ҳуқықларына ҳүрмет Өзбекстан журналистлериниң жумысындағы тийкарғы қағыйда болып есапланады.

Журналист өзиниң сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин тәмийинлеў жолындағы жумысы жәмийет алдындағы ўазыйпасы екенин ҳәм оның материаллары жәмийеттиң мәплерине хызмет етиўи керек екенлигин толық аңлайды.

Журналист Өзбекстанның әмелдеги нызамлары ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларына тийкарланып жумыс алып барады, медиа мәканда социаллық жуўапкершилик орталығын жаратқан ҳалда тараўда өзин-өзи басқарыў системасын пайда етиў ҳәм беккемлеўге мүнәсип үлес қосады, журналист абырай-мәртебесин қорғайды.

 

2.ЖУРНАЛИСТТИҢ СОЦИАЛЛЫҚ ЖУЎАПКЕРШИЛИГИ

Журналист жәмийет ушын мәлимлеме жыйнаўы, таярлаўы, тарқатыўы сондай-ақ, пуқаралардың өз пикирлерин билдириўи ушын еркин майдан жаратады.

 

3.БИЙТӘРЕПЛИЛИК ҲӘМ ҚАЛЫСЛЫҚ

Журналист бийтәреп болыўы, ўақыя-ҳәдийселерди қалыс ҳәм исенимли түрде сәўлелендириўи, қарым-қатнас мәдениятына ҳәм ашық-айдынлық принциплерине әмел етеди.

Журналист өзиниң кәсиплик миннетлемелерин орынлаўда мәлимлеме алыўдың нызамға қайшы келетуғын усылларынан пайдаланбаўы (қорқытыў, дәмегөйлик, алдаўшылық, азғырыўшылық, саўға ўәде етиў ямаса әдеп-икрамлылық нормаларына қайшы келетуғын басқа да усыллардан пайдаланыў), сондай-ақ, өз хызмет ўәкилликлеринен жеке мақсетлери жолында пайдаланбайды.

Журналист ҳәр қандай шараятта да өтирик мәлимлеме жәрияламаўы, дәлийллерди бузып көрсетпеўи ҳәм социаллық әҳмийетке ийе мәлимлемени билип турып жасырмайды.

 

4.МӘЛИМЛЕМЕНИҢ ИСЕНИМЛИЛИГИ

Өзи тарқатып атырған мәлимлемениң исенимлилигин тексериў ҳәм қалыс мәлимлеме усыныў журналисттиң миннети болып есапланады. Журналист дурыс екенине исенимли болған мәлимлемени тарқатады ҳәм шолыў жасайды (кеминде еки еркин дәрек арқалы мәлимлемени тексерип көриўи усыныс етиледи).

Өтирик ҳәм дәлийллерге тийкарланбаған мәлимлемени тарқатқан жағдайда журналист тез өзиниң қәтесин тән алыўы, кеширим сорап, қәтесин дүзетиў илажын көреди.

Журналист пикир ҳәм көзқарастың ҳәр қыйлылығын ҳүрмет етеди.

 

5.МӘЛИМЛЕМЕ ДӘРЕГИ ҲӘМ ОНЫҢ СЫР САҚЛАНЫЎЫ

Журналист физикалық ямаса юридикалық шахслардың мәлимлеме усыныўдан бас тартыў ямаса усыныўдан тыйылыў ҳуқықын тән алады.

Журналист мәлимлеме дәректиң рухсатысыз мағлыўматларды жәрияламайды, мәлимлемеден ямаса үшинши шахстың мәплерин гөзлеп пайдаланбайды.

Журналист жасырын жол менен алынған мәлимлеме дәрекке байланыслы кәсиплик сырды сақлайды. Журналисттен мәлимлеме дәректи жәриялаўға мәжбүрлеўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.

 

6.МИЛЛИЙЛИК ҲӘМ МӘНАЎИЯТ

Журналист қандай темаға қол урмасын миллий өзине тәнлик, миллий руўхый-ағартыўшылық ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларына, соның менен бирге басқа миллет ҳәм халықлардың үрп-әдети ҳәм мәдениятына ҳүрмет көрсетеди. Материалды тарқатыўда әдебий тил қағыйдаларына әмел етеди.

Журналист ҳеш бир халық ҳәм миллеттиң миллий, диний ямаса расалық кемситилиўине жол қоймайды.

Журналист мәмлекеттиң мәлимлеме мәканындағы абырайына ҳәм жәҳән мәлимлеме майданындағы имиджине зыян келтирмеўге умтылады.

 

7.ЖЕКЕ ТУРМЫСЫНА ҲҮРМЕТ, ШАХСТЫҢ АБЫРАЙЫ ҲӘМ ҚӘДИР-ҚЫМБАТЫН ҚОРҒАЎ

Журналист адамлардың жеке турмысына қолқатылмаслығы ҳуқықын ҳүрмет етеди. Шахстың абырайы ҳәм қәдир-қымбатының кемситилиўине жол қоймайды.

Журналист адамлардың жеке өмири ҳаққындағы мағлыўматларды тек ғана олардың келисими ҳәм ҳүжжетлердиң сыр сақланыўына әмел еткен ҳалда жәриялайды.

Журналист нызамсыз жол ҳәм мақул болмаған қураллар жәрдеминде адамлардың жеке турмысы ҳаққында мәлимлеме жыйнаўы, даўысын жазып алыўы ҳәм материаллар жыйнаўы мүмкин емес.

Журналист жынайый исти сәўлелендириўши материалларды таярлап атырғанында айыпсызлық презумпциясына әмел етеди.

 

8.ПЛАГИАТ

Журналист өз жумысында плагиатқа жол қоймайды. Плагиат (көширип жазыў) ҳеш қандай силтеме көрсетпей өзге дәректиң текстин, даўысын, кадрын ҳәм көринисин өзлестирип алыў болып есапланады.

Журналист басқа да ғалаба хабар қураллары ҳәм журналистлер авторлығындағы материаллардан пайдаланғанында  ямаса оларға мүрәжат еткенинде анық дәректи көрсетиўге миннетли болып есапланады.

 

9.ЖУРНАЛИСТЛЕРДИҢ ТИЛЕКЛЕСЛИГИ

Журналистлер кәсиплик тилеклеслик талапларына әмел етеди. Журналист профессионаллық абырай-мәртебесине зыян келтиретуғын ҳәм социаллық ўазыйпасына қайшы келетуғын жумысларға араласпайды, ғалаба хабар қуралларынан ғәрезли мақсетлерде ҳәм кәсиплеслери арасында келиспеўшиликлер келтирип шығарыў жолында пайдаланбайды.

Профессоналлық жумысы ушын қуўдалаўға алынған журналист журналистлердиң тилеклеслик сезими ҳәм принциплеринен келип шыққан ҳалда кәсиплеслериниң қорғаўында болады.

 

10.ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ БОЙЫНША ЖӘМИЙЕТЛИК КЕҢЕС

Журналисттиң кәсиплик этикасы талаплары ҳәм нормаларының бузылыў ҳалатларын бақлаў, таллаў ҳәм тийисли жуўмақ шығарыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары бойынша Жәмийетлик кеңес дүзиледи.

Жәмийетлик кеңестиң режеси Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы конференциясында тастыйықланады.

Жәмийетлик кеңес жети адамнан ибарат структурада бес жыллық мүддетке Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы конференциясында сайланады.

 

Жәмийетлик кеңес

– миллий ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында жәрияланған (тарқатылған) материалларды журналисттиң кәсиплик этикасы нормалары көзқарасынан үйренеди, таллайды, баҳалайды, жуўмақ шығарады;

– журналистлик жумысқа байланыслы пикир-таласқа бай жағдайларға ашық-айдынлық киргизилиўинде жәрдемлеседи;

– Кодекс нормаларына әмел етпеў жағдайлары бойынша усынылған мүрәжатларды көрип шығады ҳәм қарар қабыл етеди;

журналисттиң кәсиплик этикасына байланыслы басқа да мәселелерди жәмийетшиликтиң итибарына усынады.

Көрип шығылған мәселелер бойынша Жәмийетлик кеңестиң қарары Ғалаба хабар қуралларында басып шығарылады.

Жәмийетлик кеңестиң қарары журналистти интизамий, ҳәкимшилик ямаса басқа да түрдеги жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болып есапланбайды, ол усыныс сыпатына ийе.

 

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының IV конференциясы

Ташкент қаласы, 2019-жыл, 17-июль

 

ӨзА