Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдеги 469-санлы қарары менен тастыйықланған Балаларды мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентине муўапық, Ташкент қаласындағы 81 улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң 1-класына (тийкарғы квота бойынша) оқыўшыларды қабыллаў Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилмекте.

Улыўма билим бериў мәкемелериниң микроаймағына кирмеген, сондай-ақ, усы жылдың 31-декабрине шекем 7 жасқа толмаған балаларды қосымша квота тийкарында қабыллаў 1-августтан баслап әмелге асырылыўы режелестирилген еди.

Ҳәзирги ўақытта ата-аналардың пикир-усынысларынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдеги «Балаларды мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 469-санлы қарарына өзгерислер киргизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарының жойбары ислеп шығылып, Өзбекстан Республикасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталы (regulation.gov.uz)на жайластырылған.

Соған бола, улыўма билим бериў мәкемелериниң 1-класына қосымша квота тийкарында қабыллаў усы қарардың жойбары қабыл етилгенинен кейин әмелге асырылатуғынлығы билдириледи.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги

Ташкент қалалық басқармасы

ӨзА