Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан Қураллы Күшлери системасында руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша комиссияның бир жыл даўамында әмелге асырған жумысларының есабын тыңлаў ҳәм ўазыйпалар белгилеўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Оған Арқа-Батыс әскерий округиниң басшылары, қәнигелери, әскерий бөлимлердиң командирлери ҳәм орынбасарлары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, жоқары ҳәм орта-арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң тәрбиялық ҳәм идеологиялық жумыслар бас басқармасының бөлим баслығы подполковник Б.Зулфиқоров, АБӘО саркардасының тәрбиялық ҳәм идеологиялық жумыслар бойынша орынбасары подполковник Н.Кадиров ҳәм басқа да тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң жуўапкер басшы қәнигелери шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-августтағы «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлериниң  руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының өткен бир жыл даўамындағы орынланыўы бойынша мағлыўматлар берди.

Мәжилисте, комиссия қурамының концепцияны әмелге асырыў бойынша жыллық есабы тыңланып, бойсыныўшы бөлимлер менен биргеликте әмелге асырылған жумыслар додаланды. Айырым бөлимлердиң усы қарардың орынланыўы бойынша әмелге асырып атырған жумысларындағы кемшиликлер атап өтилди. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырылатуғын илажларды еле де күшейтиў усыныс етилип, машқалалар ҳәм олардың шешимлери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.