Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны 2019-жыл 1-июль жағдайына муўапық 1 миллион 881 мың 944 адамды қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы хабар берди.

2019-жылдың басынан берли халықтың саны 12 мың 162 адамға (0,6%ке) көбейген.

Соннан қала халқының саны 923 мың 392 адамды (49,1%), аўыллық жерлердеги халық саны 958 мың 552 адамды (50,9%) қураған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.