Усы жылдың 1-августынан баслап мәмлекетлик уйымлар тәрепинен бир қатар мағлыўматлардың соралыўы бийкар етиледи.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилген дәслепки күнлерден-ақ өз алдына мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде артықша қағазпазлықты тоқтатыў, пуқаралардың тийисли ҳүжжетлерди алыўда сергизданлықтың алдын алыўды мақсет еткен.

Бүгинги күнде усы бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Мәселен, Агентликтиң басламасы менен, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесинде мәкан пуқаралар жыйынлары тәрепинен берилетуғын мағлыўматнамалардың соралыўы бийкар етилди. Усы түрдеги мағлыўматлар уйымлараралық байланыс арқалы алыныў тәртиби енгизилди.

Усы сыяқлы қолайлықларды даўам етиў мақсетинде гезектеги ҳүжжетлер бийкарланбақта. Буған Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-февральдағы ПҚ – 4193-санлы «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын буннан былай да комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тийкар салынған.

Оған бола, 2019-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен

-физикалық шахслардан топланып барылатуғын пенсия дәптершелери;

-салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздар ямаса қарызы жоқ екенлиги хаққындағы мағлыўматнамалар;

-салық төлеўшиниң есапқа қойылғаны ҳаққындағы гүўалықлар;

-төленген дәраматлар ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған суммалары ҳаққындағы мағлыўматларды талап етиў қадаған етилген.

Усы қарар менен пуқараларға олардың социаллық турмысында үлкен қолайлықлар жаратылды. Мәселен, усы жылдың 6 айы даўамында Мәмлекетлик хызметлер орайларына пуқараны топланып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў бойынша 312 555 пуқара мүрәжат еткен. Усы хызметтен пайдаланыў ушын пуқараға ең кеминде еки мәрте мүрәжат етиў керек еди. (арза бериў ҳәм таяр ҳүжжетти алып кетиў ушын). Бул болса, өз гезегинде, артықша ўақыт ҳәм қәрежет талап ететуғын еди.

Енди бул ҳүжжетлер ўәкилликли уйымлардан тек ғана уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы берилиўи нәзерде тутылмақта. Яғный мәкемелер өз-ара байланыс қураллары арқалы усы мағлыўматларды талап етип алады, пуқараларды бул бойынша әўере етиўге шек қойылады!

Бул ҳүжжетлерди талап етиў бир қарағанда әпиўайы жағдай болып көрилсе де, бирақ пуқаралар ушын әўерегершиликти келтирип шығарады. Улыўма айтқанда, енигиден былай 6 айда бир миллионға шамалас пуқараларымыз ўақтын артықша қағазлар артынан жуўырыўға емес, ал өзлери ушын әҳмийетли болған жумысларға сарыплаўы мүмкин.

Жоқарыдағыларға тийкарланып 2019-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен физикалық шахслардан усы мағлыўматларды талап етиў Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 215(5)-статьясына муўапық мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў деп тән алынып, лаўазымлы шахсларды ҳәм хызметкерлерди ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыўға тийкар есапланады.

Егер мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў даўамында пуқарадан жоқарыда айтып өтилген ҳүжжетлер талап етилсе, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң 1148 исеним номери ямаса @davxizmataloqa_bot телеграмдағы қайта байланыс ботына мүрәжат етиў соралады.

ӨзА