Жазда пайызлы жерлерде дем алыўды, суў бассейнлеринде шомылыўды жақсы көремиз.

Бул жағдай әҳмийетли бир қағыйданы еслетиўди талап етеди. Қәўипсизлик көзқарасынан қадаған етилген, ағысы күшли ҳәм үлкен каналларда шомылыў мүмкин емес. Қалаберди, усы суў бассейнлериниң аңғарында өткир ушлы таслар ҳәм гидроқурылмаларды тазалаў дәўиринде техникалардың айырым бөлеклери, яғный металл детальлары сынып ҳәм шөгип қалған жағдайлар бар екенлиги пуқаралардың аўыр жарақатлар алыў итималы оғада жоқары болады.

Усы жерде Бухара ўәлаяты айрықша жағдайлар басқармасы усынған айырым мағлыўматларға мүрәжат етиў керек болады. Оларға бола, өткен жылы аймақта пуқаралардың суўға ығып кетиўине байланыслы 18 бахытсыз ҳәдийсе жүз берген еди. Быйылғы жылдың өткен дәўиринде, яғный дерлик 7 айда болса олардың саны 15 ти қурамақта.

Бул жағдайлардың 45 процентинде балалар ҳәм жас өспиримлердиң дизимге алынған. Шаңарақтың басына түскен бул аўыр мүсийбетли жағдайлар биз жоқарыда атап өткен қәўипли суў бассейнлеринде балалардың қараўсыз қалдырылыўы, олар болса өзлериниң қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын дәрежеде жүзиў қағыйдаларын жақсы билмеўине байланыслы болып есапланады. Қорғалмайтуғын суў бассейнлеринде шомылыў ақыбетинде инсан өмириниң аянышлы жуўмақланыўы адамның жүрегин елжиретеди.

– Ағысы күшли ҳәм үлкен каналларда шомылыўға рухсат бермеўдиң және бир себеби бар екенлигин атап өтиў керек, – дейди ўәлаяттың айрықша жағдайлар басқармасының халық ҳәм басшылар қурамын таярлаў орайының баслығы, үлкен лейтенант Элдор Муродов. – Усы ирригация яғный суўғарыў қурылмаларының ылай суўларында шомылған балаларда тери ҳәм тамақ, қарын тифи, дизентерия, сальмонеллёз ҳәм паразитар қурт кеселликлерине шалыныўы ҳәм қуяш астында жүриўи ақыбетинде қуяштың өтип кетиў тәсири атап өтилмекте. Олардың өмирине ҳәм саламатлығына қәўип туўдыратуғын бундай жағдайлардың алдын алыўда профилактикалық илажлар, атап айтқанда, адамлардың дүньяға көзқарасын, медициналық мәдениятын арттырыўдың әҳмийети үлкен. Сонлықтанда бизлер орынларда, әсиресе, бурынғы ығыў ақыбетинде инсанның өмири набыт болған мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында болып, халық, жаслар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен үгит-нәсият, түсиник жумысларын алып барып атырмыз.

Бирақ бизлердиң пикиримизше, басқа да бир әҳмийетли тәрепи бар. Ўәлаятта, ағысы күшли ҳәм рухсат етилмеген канал ҳәм үлкен каналларға альтернатив, яғный суўдың қурамы лабораторияда үйренилетуғын, шомылыў қәўипсизлигин қадағалаў  менен биргеликте аймағы қорғалатуғын ашық суў бассейнлери тармағын кеңейтиў керек. Ол ўақытты ҳәм үлкен қаржыны талап ететуғын жойбар. Гәп инсанның мәплери, өмири және денсаўлығы ҳаққында екен, бул мәселе қаржыдан да әҳмийетли.

Эркин ЁДГОРОВ, ӨзА