Сурхандәрья ўәлаяты Денов районындағы Уллы жипек жолы мәҳәллесинде жасайтуғын 29 жасар Санам Акрамова (аты-фамилиясы өзгертилди)ны қоңсы Тәжикстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларының бирине оқыўға киргизип бериўге ўәде етип, 1 мың 200 АҚШ доллары муғдарында ақша сораған еки шахс ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен усланды.

С.Акрамованың мүрәжатына бола, алып барылған илажлардың ўақтында Узун районы Маландиён мәҳәллесинде жасайтуғын 39 жастағы Нажим Панжиев фермер ҳаялдан 1 мың 200 АҚШ долларын алып, оны 64 жастағы Саидвафо Бобоевтиң үйине алып барып берип атырғанында айғақлы зат пенен усланған.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша Н.Панжиев ҳәм С.Бобоевқа  Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 2-3-бөлими «б» бәнти менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ, ӨзА