Усы жылдың 30-июнь күни саат 05:25 лерде намәлим транспорт басқарыўшысы анықланбаған автомобильди Нөкис районы аймағынан өтетуғын «Нөкис-Ақмаңғыт-Кегейли» жолында басқарып баратырып пияда, Нөкис районында жасаған 35 жаслы Ж.Б.ны қағып кетип, ўақыя орнынан қашып кеткен еди. Ақыбетинде пияда Ж.Б. емлеўханаға жатқарылған, бирақ көрсетилген медициналық жәрдемлерге қарамастан 1-июль күни қайтыс болған, жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылған еди.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жол-транспорт ҳәдийсесин Нөкис районында жасайтуғын 34 жаслы Т.А. «ВАЗ-2101» маркалы автомашинасында әмелге асырғаны анықланып, усланған.

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Өз гезегинде Ишки ислер министрлиги усы жағдай бойынша ишки ислер уйымлары хызметкерлерине мағлыўмат берген пуқараларға миннетдаршылық билдиреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.