Усы жылдың 2-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-прорцессуал кодекслерине және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 135-статьясына (Жол ҳарекети қағыйдаларында нәзерде тутылған ҳүжжетлери болмаған шахслардың транспорт қуралларын басқарыўы) тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Өзгерислерге муўапық, егер юридикалық шахслардың жолаўшы ямаса жүк тасыў хызметин әмелге асыратуғын транспорт қуралларының басқарыўшылары өзлери менен бирге қәнигелигин жетилистириўден өткенлиги ҳаққындағы сертификатқа ийе болмаса, онда олар ең кем мийнет ҳақының бир есеси (1-августтан баслап 223 000 сум) муғдарында жәрийма төлейди.

Мағлыўмат ушын, ҳүкиметтиң 2017-жыл сентябрьдеги қарары тийкарында Әдиллик министрлигине 2018-жыл 1-июльдан баслап Avtotest Report ЖШЖ сертфикатына ийе болмаған, юридикалық тәреплерге тийисли транспорт қуралларын басқарған басқарыўшылар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик енгизиў бойынша усыныслар киргизиў ўазыйпасы жүкленген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.