Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы реформалар, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 26-июль күни Самарқанд ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы сапар етиўи ўақтында район ҳәм қалаларда дөретиўшилик жумыслардың көлемин кеңейтиў, санаат, туризм, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў сыяқлы тараўларды жедел раўажландырыў, халық ушын мүнәсип турмыс шарятын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратады. Сол тийкарда бағдарламалар дүзилмекте, оларды әмелге асырыў бойынша жол карталары тастыйықланып, турмысқа енгизилмекте.

Атап айтқанда, усы жылдың биринши ярымында 2019-2020-жылларда әмелге асырыў белгиленген улыўма баҳасы 19,6 триллион сум болған 987 жойбардың 572 си бойынша 2,3 триллион сумлық инвестициялар өзлестирилип, 300 жойбар толық жуўмағына жеткерилди. 4 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў шеңберинде 88,2 миллион АҚШ доллары өзлестирилди. Бул 2018-жылдың ҳәзирги дәўири менен салыстырғанда дерлик 1,5 есеге көп.

Инвестициялық бағдарламаға бола, быйыл Самарқанд ўәлаятында 565,7 миллиард сум қаржы өзлестирилип, 151 объектте қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытқа шекем 22 мектеп, 8 медициналық мәкеме ҳәм 12 ишимлик суўы объектинде белгиленген жумыслар жуўмақланды.

Президентимиз Самарқанд халықаралық аэропортында усы ҳаўа дәрўазасын раўажландырыўға байланыслы жойбар менен танысты.

1927-жылы жумыс баслаған аэропортта 2009-жылға шекем бир неше рет қурылыс-оңлаў жумыслары орынланған. Бирақ бүгин аэропорттың жолаўшыларға хызмет көрсетиў имканиятлары заман талаплары дәрежесинде, деп болмайды. Аэропортта усы жылдың 6 айында 220 мың жолаўшыға хызмет көрсетилген. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 40 процентке көп. Бул жерден ҳәптесине 37 мәрте сырт ел ҳәм жергиликли пәрўазлар әмелге асырылып, жыл басынан берли 220 мың жолаўшыға хызмет көрсетилген.

Соңғы жылларда елимизде туризмди раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар себепли Самарқандқа келетуғын туристлердиң ағымы да сезилерли дәрежеде өсти. Мағлыўматларға бола, усы жылдың дәслепки алты айында ўәлаятқа 1 миллион 433 мың турист келген. Олардың 227 мыңын сырт елли туристлер қурайды. Усы санларды еки жыл алдыңғы көрсеткишлер менен салыстырғанда, туристлер ағымының төрт есеге артқанлығын көриў мүмкин. Келешекте туристлердиң ағымын және де көбейтиў, оның ушын зәрүрли инфраструктура жаратыў бойынша көрилип атырған илажлар Самарқандтың ҳаўа дәрўазасының да имканиятларын кеңейтиўди талап етип атыр.

Усыныс етилген жойбарға бола, бул аэропортта саатына 600 жолаўшыға хызмет көрсететуғын жаңа терминал қурыў, ушыў-қоныў жолын реконструкциялаў, самолётлардың туратуғын орнын кеңейтиў, радиолокация системасын жетилистириў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы қурылыс жумысларын сапалы ҳәм белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў, миллий мүсиншилик дәстүрлерине әмел етиў керек екенлигин атап өтти. Аэропорттың жумысында заманагөй басқарыўды енгизиў, реконструкция жумыслары әмелге асырылып атырған ўақытта болса Самарқандқа поезд ҳәм автобуслардың қатнаўын көбейтиў, халық ҳәм туристлерге белгили қолайлықларды жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Аэропортты халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў мәмлекеттиң экономикасы ушын оғада әҳмийетли. Көпшилик мәмлекетлердиң халықлары елимизди ески Самарқанд арқалы көз алдына келтиреди. Соның ушын да Өзбекстан ҳаққында сөз еткенде, дәслеп, усы ески қаланы тилге аламыз. Дурыс, ҳәзирги ўақытта ўәлаятқа туристлик қатнаўлар тийкарынан «Afrosiyob» тез жүрер поездлеры арқалы әмелге асырылмақта. Бирақ, халықаралық системада бундай имканиятлар жаратылмаған. Ҳақыйқат сонда, Уллы жипек жолын бирлестирген қалалар арасында Самарқандтай ески тарийхқа ийе мәнзил жоқ. Тилекке қарсы, усыған сәйкес инфраструктура жаратыўға алдынлары итибар қаратпадық, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз аэропорттың бүгинги жағдайы талап дәрежесинде емеслигин атап өтип, жуўапкерлерге оның сыйымлылығын арттырыў, кеминде 20 самолётқа хызмет көрсететуғын заманагөй инфраструктураны шөлкемлестириў ҳәм усы жумысларды бир ярым жыллық мүддеттен кешиктирмей орынлаў бойынша тапсырмалар берди.

Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласындағы Ислам Кәримовтың мақбара-комплексине барып, мәмлекетимиздиң Биринши Президентиниң қәбирине гүл қойды. Қуран оқып, марҳумның ҳүрметине пәтия етилди.

Нуранийлер, ойшыллар менен болған сәўбетте Ислам Каримовтың халқымыз, мәмлекетимиздиң мәпи жолындағы хызметлери, инсаныйлық пазыйлетлери еске алынды.

Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд ўәлаятына сапар етиўи даўамында Ақдәрья районындағы «Pure milk Oqdaryo» фермер хожалығы атызында болып, тәжирийбели дийқанлар менен  сәўбетлести.

1 мың 360 гектар жер майданына ийе бул фермер хожалығы 634 гектарда пахта, 50 гектарда ғәлле, 366 гектарда от-жем ҳәм басқа да түрдеги аўыл хожалығы егинлерин тәрбияламақта. 400 ден аслам адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Хожалық ағзалары быйыл ғәлледен 283 тонна зүрәәт алып, 135 миллион сум пайда көрди. Ғәлледен босаған майданларға қарамал ушын от-жем сыпатында мәкке егилген. 2100 бастан аслам қарамал бағылып атырған фермер хожалығы ушын бул кеўилдегидей ислер болып табылады.

Ғаўаша майданларын сырт ел технологиясы тийкарында тамшылатып суўғарыў енгизилген. Бул минерал төгин ҳәм суўдың жумсалыўын азайтыў, агротехникалық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў және егинлерди тәрбиялаўға байланыслы қәрежетлерди қысқартыўда әҳмийетли фактор болмақта. Бүгинги күнде бир түп ғаўашада 3-4 дана гөрек, 7-10 дана гүл, 10-12 дана ғумша бар. Хожалық ағзалары быйыл пахта өнимдарлығын 45 центнерге жеткериўди режелестирген.

Президентимиз елимизде барлық тараўлар қатары аўыл хожалығында да тийкарғы мақсет халқымыздың мәпи екенин атап өтип, қайсы өним көбирек дәрамат келтирсе, соны егиў, бул ушын туқымгершилик ҳәм сортты сайлаўға айрықша итибар бериў, тараўға илимий қатнас жасаў зәрүр екенлигин атап өтти. Ўәлаяттағы фермер хожалықлары ҳәм кластерлерде тамшылатып суўғарыўды кеңнен енгизиў, өнимдарлық төмен жерлерде ғаўаша егиўди қысқартып, жоқары дәрамат келтиретуғын мийўе-овощ өнимлерин жетистириў, оларды қайта ислеў ушын минитехнологиялар жеткерип бериў бойынша көрсетпелер берди.

Адамлардың дәраматын қалайынша арттырамыз, деген сораў мени ҳәр күни ойландырады. Негизинде бул сораў барлық басшылардың тынышын бузыўы керек. Ақылға уғрас пайдаланыўды билсек, ҳәр бир аймақ, ҳәр бир тараўда кеңнен имканиятлар бар. Аўыл хожалығында жаңа технологияларды енгизип, зүрәәтлиликти арттырыў, шийки затты қайта ислеўди жолға қойыў керек. Өним қайта исленсе ҳәм дәрамат көбейеди, ҳәм жаңа жумыс орынлары жаратылады. Пайда жоқары болыўы ушын жумсалған қәрежетти қаплап, пайда көриўди гөзлеп, мийнет етиўи керек. Ертеңги күни бүгингисинен жақсы болыўы ушын ҳәр бир адам өзи ҳәрекет етиўи керек. Ҳәзирги заманда ким утады – умтылған утады, мийнет еткен утады, деди мәмлекетимиз басшысы.

Самарқанд ўәлаятының туризм потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде Самарқанд районындағы ескек есиў каналының атырапында туристлик орай  қурыў режелестирилмекте.

Президент Шавкат Мирзиёев сол жерге барып, орайдың жойбары менен танысты. Онда белгилениўинше, комплекс ушын 360 гектар жер ажыратылып, 80 гектарында конференциялар сарайы, мийманханалар ҳәм басқа да объектлердиң қурылыўы мөлшерленген. Мийманханалар 3, 4 ҳәм 5 жулдызлы болып, барлық категориядағы туристлерди қамтып алады. Сондай-ақ, дем алыў, жүзиў орынлары, жасалма атаўлар, ресторанлар шөлкемлестириледи.

Самарқандқа келген туристлер, жергиликли халық дем алыў ушын қай жерге барады? Ҳәзирше айтарлықтай, көзге көринетуғын бундай жер жоқ. Соның ушын сырт елли туристлер тийкарынан тарийхый естеликлерди көриў ҳәм муқаддес орынларды зыяратлаў менен шекленбекте. Самарқандта туристлердиң дем алыўы, мәдений ҳардақ шығарыўы ушын шараят жаратыўға имканият оғада үлкен. Аймақта бул мәселеге айрықша итибар қаратылады. Бул жер зыярат туризми менен үнлес болыўы, халқымыз, сырт елли туристлер өзлериниң ўақтын мазмунлы өткериўи ушын  ҳәр-тәреплеме қолайлы орынға айланыўы керек. Турист Самарқандқа бир-еки күнге емес, бир неше күнге келсин, кетиў ҳаққында ойламасын. Бул Самарқандтың  экономикасы ушын және бир өсиў имканияты болады, деди Шавкат Мирзиёев.

Быйыл 9-10-июль күнлери Самарқандта ҒМДА Туризм кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм Дослық аўқамы мәмлекетлериниң биринши туристлик ярмаркасы өткерилди. Усы илажлар ўақтында елимизге, соның ишинде, Самарқандқа сырт елли туристлерди тартыў бойынша сырт ел фирмалары ҳәм компаниялары менен 50 ден аслам шәртнамаға қол қойылды. Сондай-ақ, быйыл Самарқанд қаласы Жәҳән туристлик қалалары федерациясына (WТCF) ағза болды. Жақын жылларда Самарқанд қаласын туристлик хабқа айландырыў режелестирилип атыр.

Усындай ис-ҳәрекетлер себепли келеси жылларда ўәлаятқа туристлердиң ағымы кескин артыўы сөзсиз. Атап айтқанда, быйыл 510 мыңнан аслам сырт елли мийман келиўи күтилмекте. Еки жылда бул көрсеткишти 2 миллионға, мәмлекетимиз бойынша болса 10 миллионға жеткериў мөлшерленген.

Бул ушын Самарқандта туризмди раўажландырыўға мүнәсип шараят керек. Усы мақсетте 2019-2020-жылларда ўәлаятта туризм тараўында баҳасы 220 миллион доллар болған 164 жойбарды әмелге асырыў белгиленген. Ҳәзирги ўақытта бул бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Президентимизге ўәлаятта көп қабатлы турақ жайлар қурыў, ишимлик суўы ҳәм ақаба тармақларын модернизациялаў, Самарқанд қаласын орайласқан ыссылық энергиясы менен тәмийинлеўди жақсылаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы алдынғы жылларда ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында ески қала халқының турақ жайға талабы жыл сайын артып атырғанын ҳәм оны қанаатландырыў ушын Самарқанд орайында, қурылыс нормаларына дурыс келмеседе, турақ жай сала бергеннен гөре, дөгеректе заманагөй имаратлар қурыў зәрүрлигин атап өткен еди.

Мине, усы тапсырма тийкарында өткен жылы Самарқанд районы Қарасуў массивинен 50 гектар жер майданы ажыратылып, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық  тараў объектлериниң қурылысы басланды. 2018-жылдың өзинде «Ўзшаҳарқурилишинвест» инжиниринг компаниясының буйыртпасы тийкарында жәми 1 мың 344 квартирадан ибарат 7 қабатлы 32 арзан турақ жай қурылды. Буннан тысқары, «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниясы тәрепинен Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Миллий гвардия хызметкерлери ҳәм жас шаңарақларға мөлшерленген 5 қабатлы 12 турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Аймаққа мыңлаған халықтың көшип келетуғынын есапқа алып, билимлендириў ҳәм медициналық мәкемелер, саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары, улыўма, халықтың талапларын қанаатландырыў ушын не зат керек болса, ҳәммесин усы жердиң өзинде жаратыўға итибар қаратылды. Бүгин бул жер шын мәнисинде заманагөй қалаша көринисин алған.

Президентимиз быйыл 11-январь күни ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында жаңа массивте болып, әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары менен танысып, қалашаны буннан былай да кеңейтиў бойынша тапсырмалар берген еди. Соннан келип шығып, қосымша түрде 16,4 гектар жер майданы ажыратылды ҳәм «Agromir buildings» кәрханасы тәрепинен 2019-жылы 18, 2020-жылы 59 көп қабатлы турақ жайлардың қурылыўы белгиленген. Ҳәзирги ўақытта бул жерде сырт мәмлекетлердиң алдынғы қурылыс технологиялары тийкарында 12, 14 ҳәм 16 қабатлы турақ жайлар қурылмақта.

Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта Ургут ҳәм Тайлақ районларында да мине усындай қурылыслар даўам етпекте.

Президентимиз жаңа турақ жайларды әдил түрде бөлистириў, қурылыс жумысларының сапасына айрықша итибар бериў, ишимлик суўы ҳәм ақаба тармақларды жақсылаў, Самарқанд қаласын орайласқан ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд районындағы «Agromir» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, мийўе-овощты қайта ислеў процесин көзден өткерди.

Елимизде жетистирилген ҳәр қыйлы мийўе-овощ, палыз өнимлери дәми, сапасы ҳәм пайдалы элементлерге бай екенлиги менен ажыралып турады. Соның ушын сырт елде Өзбекстанда писип жетилискен аўыл хожалығы өнимлерине талап жоқары.

«Agromir» мийеўе-овощты қайта ислеп, ишки базарды шербет ҳәм шире, концентратлар, паста, пюре ҳәм консервалар менен толтырып, экспорт етилип келинбекте.

Дерлик 450 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген кәрхана жылына 60 мың тонна шербет ҳәм нектар, 6 мың тоннаға шамалас концентрат ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болып, ҳәзир бул жерде жәми 42 түрдеги өним таярланбақта.

2018-жылы кәрханада улыўма баҳасы 160 миллиард сумлық 53 мың тонна, усы жылдың биринши ярымында 72 миллиард сумлық 24 мың тонна өним ислеп шығарылды. Өткен жылы 2,1 миллион доллар, быйыл 5,5 миллион долларлық өним экспорт етилди.

Соның менен бирге кәрханаға қараслы хожалықларда мийўе-овощтың перспективалы сортларын жетистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Фермер ҳәм дийқан хожалықлары менен буйыртпа тийкарында исленеди.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхана цехларында мийўени қайта ислеў процесин, таяр өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.

Өндирис ҳәм қадақлаў цехларына Швейцария, Италия ҳәм Германияның шербет, пюре ҳәм паста ислеп шығарыў бойынша ең заманагөй технологиялары орнатылған. Бул кәрхана өнимлериниң Өзбекстан базарында жетекши орын ийелеўинде әҳмийетли болмақта.

Бүгинги күнде «Agromir» өнимлери белгили брендлер астында Қубла Корея, Қытай, Ҳиндстан, Россия, Қазақстан, Әзербайжан, Тәжикстан, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилмекте. Сырт елли тутыныўшыларға шербет ҳалындағы таяр өнимлерден тысқары концентратлар да жеткерип берилип атыр.

Танысыў ўақтында өтимли, жәҳән базарында талап жоқары болған экспортқа жарамлы өнимлерди көбейтиў ҳәм саўда географиясын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд районында ўәлаят белсендилери, секторлардың басшылары, нуранийлер, фермер ҳәм исбилерменлердиң қатнасыўында мәжилис өткерди.

Сизлер менен жыл басында ушырасып, ўәлаятта әмелге асырылатуғын жойбарлар, дөретиўшилик жумыслары, улыўма айтқанда, халқымыздың турмысын, турмыс дәрежесин арттырыў бойынша үлкен ўазыйпаларды белгилеп алған едик. Өткен алты ай даўамында бул ўазыйпалар қаншелли орынланғаны ҳәммемизге жақсы белгили. Унамлы нәтийжелер де, шешимин күтип атырған мәселелер де салмақлы. Бүгин Самарқандқа келип, және сизлер менен пикирлесип алыўды, белгиленген режелеримизди өз ўақтында турмысқа енгизиўди жедел раўажланып атырған дәўирдиң өзи талап етпекте. Заман соншелли тез раўажланып атыр, жақын ҳәм узақ сырт мәмлекетлер, бирге ислесиўши мәмлекетлердиң экономикасын таллап, өзимиздиң жолымызды таңлап алмасақ, глобалласыў шараятында жәҳәнде өз орнымызға ийе болмасақ, алдымызға қойған мақсетлерди әмелге асырыў қыйын болады. Усы көзқарастан, Самарқандқа бул ретки сапарымыздан тийкарғы мақсет ўәлаятта туризмди раўажландырыў, исбилерменликти ҳәм қайта ислеўди кеңейтиўди жеделлестириўге, жаңа реже ҳәм ўазыйпаларды белгилеп алыўға қаратылған, деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев ўәлаятта санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда белгили нәтийжелерге ерисилип атырған болса да, Самарқандтың экономикасын беккемлеў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўда туризм тараўы тийкарғы бағдар болыўы керек екенлигин атап өтти. Тилекке қарсы, еле бул бағдардағы имканиятлардан толық пайдаланылмай атыр. Соның менен бирге, бағшылық, мийўе-овощ жетистириўде де ерисилип атырған нәтийжелер басқа аймақлар менен салыстырғанда ақсап атырғаны көрсетип өтилди. Ўәлаятта мине усы бағдарға қәнигелескен районлар бар. Усы жерлерде енди тек ғана өним жетистирип, оны шийки зат ҳалында сатыўдан гөре, қайта ислеп, таяр өним экспорт етилетуғын кәрханаларды көбейтиў, заманагөй мини-технологиялардан пайдаланыў зәрүрлигине итибар қаратылды. Сол мақсетте мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыўға 400 миллион доллар, туризм инфраструктурасын жетилистириўге 100 миллион доллар ажыратылатуғыны мәлим етилди.

Мәмлекетимиз басшысы район ҳәм қалаларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке кеңнен тартыў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў, «Ургут» еркин экономикалық зонасының потенциалын кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.

Район ҳәм қалалар арасында өзине тән бәсеки орталығын жаратыў мәселелерине итибар қаратылды. Усы мақсетте тәжирийбе тәризинде Каттақўрғон районы ҳәм қаласы және Ургут районының өз-ара жарысыўын атап өтти. Бул Самарқанд тәжирийбеси сыпатында кейин ала мәмлекет бойлап ғалаба ен жайдырылатуғыны атап өтилди.

Районларда әмелге асырылып атырған жойбарлар, реформалардың барысы бойынша сектор басшыларының есаплары тыңланды.

Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд қаласында инфраструктураны жетилистириў, санаатты раўажландырыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарындағы ўазыйпаларға да тоқтап өтти. Соның ишинде, Самарқандты «туристлик хаб»қа айландырыў зәрүрлигин атап өтип, Бас министрдиң орынбасарларына ҳәм ўәлаяттың ҳәкимине усы мәселе бойынша көрсетпелер берди.

Исбилерменликти раўажландырыў бойынша 23-июльде өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген система тийкарында ислеп, орталықты өзгертиў, исбилерменлерге ҳәмме шараятты жаратып бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Барлық ис-ҳәрекетлеримиз, тилек ҳәм мақсетлеримиз халқымыздың бүгинги турмысынан разы, ертеңги күнинен кеўли тоқ болыўына қаратылған. Оны ҳәр бир басшы жүректен сезиниўи ҳәм өзлерине жүкленген үлкен жуўапкершиликти терең сезип, мийнет етиўи керек. Соны умытпайық, кешеги усыл, қатып қалған көзқараслар менен алдымызға қойған мақсетлерге ерисип болмайды. Бүгинги дәўир ҳәммемизден жаңаша пикирлеўди, заман тезлигине сәйкес пәтте ислеўди талап етип атыр, деди Шавкат Мирзиёев.

Президент ҳәкимлер ҳәм секторлардың басшыларына ҳәр бир район экономикасын раўажландырыў бойынша тапсырмалар берди.

Соның менен мәмлекетимиз басшысының Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды.

ӨзА