АҚШтың 900 мың тиражда басып шығарылатуғын Forbes журналының сайтында «Өзбекстан делегациясы АҚШқа келди. Бул мәмлекет узақ жыллық жеккеликтен кейин бизнес ушын ашық екенлигин мәлим етпекте» атамаcында мақала жәрияланды. Бул ҳаққында Өзбекстан СИМ баспасөз хызмети хабар бермекте.

Мақалада атап өтилгениндей, 2019-жыл 16-23-июль күнлери жоқары дәрежедеги делегация, сондай-ақ, Өзбекстанның исбилермен топарлары АҚШқа сапар етти. Делегация биринши болып, сиясий мәсләҳәтлесиў ушын Вашингтонға барды, сапардың бизнес бөлими болса Нью-Йоркта болды.

Мақаланың авторы Мелик Кайлан  Манхэттенде (Нью-Йорк) өткерилген «Өзбекстан капитал базарының имканиятлары» инвестициялық форумына барып, Өзбекстан тәрепиниң мәмлекетке капитал киргизиў имканиятлары ҳаққындағы презентацияларының пуқталық пенен таярланғанлығын ҳәм терең ойланғанлығын келтирип өтти.

Мақала авторына бола, Американың исбилермен топарлары Өзбекстан делегациясын жыллы жүзлилик  пенен қабыл етип, исенимли, нәтийжели ислеўге ҳәм анық нәтийжелерге ерисиўге унамлы қараған. Мелик Кайланның жазыўына қарағанда, илаж даўамында еки мәмлекеттиң исбилермен топарлары арасында жыллы ҳәм исенимли қатнасықлар жолға қойылғаны сезилген.

Мақалада айрықша атап өтилиўинше, Өзбекстан президенти Шавкат Мирзиёев – реформатор, өз мәмлекетиниң «экономикалық тәғдирин» жақсылаў жолларын анық сезе алатуғын шахс. Өзбекстан басшысы бир неше жыл даўамында мәмлекеттиң келешегин жақсы тәрепке өзгертти – қамалғанларды азат етти, мәмлекетке сырт ел ғалаба хабар қуралларын ын киргизди, республиканы сыртқы саўда ҳәм қаржылар ушын ашты. Мәмлекеттиң басшылығы жоқары маман кадрларды таярлаўға үлкен итибар қаратпақта. Өзбекстан президенти сырт елде билим алған жаңа жас қәбилет ийелерин жоқары лаўазымларға тайынлады, мәмлекетте коррупцияға қарсы белсендилик пенен гүрес алып бармақта.

Автордың баҳа бериўинше, Өзбекстанның басшысы мәмлекетте өзгерислердиң болыўы керек екенлигин жақсы түсинеди ҳәм бул бағдардағы дәслепки адымлар қоңсы мәмлекетлер менен шегаралық келиспеўшиликлерди сапластырыў және Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Аўғанстан менен пайдалы саўда келисимлерине қол қойыўдан басланды.

Басылымның хабар бериўинше, Өзбекстанның жетекшиси халық пенен кеңесиў, шағымларды көрип шығыў ҳәм мәсләҳәтлерди алыў ушын пүткил мәмлекет бойлап халық қабыллаўханаларын ашты. Идея халық пенен турақлы байланысты табыў, адамлар менен мәсләҳәтлесиў, олардың талапларын  билиў ҳәм машқалаларын шешиўден ибарат.

Мақаланың авторы өзбекстанлы исбилерменлер менен сөйлесиўлерден кейин, Өзбекстанның экономикасы жылына 5 проценттен жоқарылап және тезлесиўде даўам етип атырғаны ҳаққындағы жуўмаққа келди. Мақалада атап өтилиўинше, тербенислерди шетлеп өтип, турақлы раўажланыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Тийкарғы итибар Өзбекстан халқының талапларын қанаатландырыў мәселесине қаратылмақта.

Мелик Кайланның билдириўинше, дерлик отыз жылдан соң Өзбекстан тарийхта өзиниң мүнәсип орнын және ийелемекте.

ӨзА