Әдиллик министрлиги жер участкаларын алып қойыў компенсацияның қандай түрлери бойынша берилиў шәртлери ҳаққында мәлим етти.

Жер участкаларын алып қойыў компенсацияның төмендеги түрлери берилиў шәртлери тийкарында әмелге асырылады:

 

– пуқараларға турақ жай майданының социаллық нормасынан кем болмаған басқа тең қунлылықтағы абадан турақ жайды мүлк етип бериў және тереклердиң қунын төлеў;

– бузылып атырған жайлар, басқа имаратлар, объектлер ҳәм телеклердиң қунын пуқараларға төлеў, жер участкасын алып қойыў мүнәсибети менен мүлк ийелерине жеткерилген зыянды қаплаў;

– жер участкасын өзлестириў дәўиринде 2 жылға шекемги мүддетке ижараға ўақытша турақ жай берип, бузылып атырған жайлар, имаратлар, объектлер ҳәм тереклердиң қуны толық төленген және келтирилген басқа зыянларды қаплаған жағдайда, пуқараларға жеке тәртипте турақ жай қурыў ушын жер участкасын бериў;

– жер участкасы алып қойылыўы ақыбетинде юридикалық тәреплерге алдынғысына тең қунлылықтағы мүлк бериў ямаса көшпес мүлктиң базардағы қунын және келтирилген зыянларды қаплаў;

– жер участкасы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик талаплар ушын алып қойылыўы ақыбетинде жеткерилген зыянларды толық түрде қаплаў;

– пуқараларға ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли бузылыўы керек болған жайлар, имаратлар ҳәм объектлерди көшириў және жаңа орында тиклеў, сондай-ақ, жер участкасын алып қойыў мүнәсибети менен мүлк ийесине келтирилген зыянларды қаплаў;

– жаңа орында жайлар, имаратлар қурыў және оларды пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге мүлк етип бериў, сондай-ақ, жер учтасткасын алып қойыў мүнәсибети менен мүлк ийесине келтирилген зыянларды қаплаў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.