Республика Гидрометеорология орайы 30-июльден 2-августқа шекемги болған ҳаўа-райы мағлыўматын жәриялады:

Усы күнлери Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳаўа бираз бултлы болып өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин.  Ҳаўаның температурасы түнде 30-31-июль ҳәм 1-августта 22-27, 2-августта 24-29, күндизги ўақытлары 30-31-июльде 35-40,  1-августта 37-42 дәреже ыссы болады. 2-автустта болса температураның төменлеўи күтилмекте –күндизги ўақытлары  33-38 дәреже ыссы болады.

ӨзА