Мәмлекетимизде жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдары бойынша тес сынақлары басланды.

Жоқары билимлендириў системасындағы оқытыўды сапа жағынан буннан былай да жетилистириў мәселеси барлық ўақытта итибарда болып келмекте. Абитуриентлер ушын көплеген жаңалықлар енгизилди. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тест сынақларын белгиленген талап ҳәм нормалар тийкарында өткериўге айрықша итибар қаратылды.

Тест сынақлары өткерилетуғын имаратларға барыў жөнелислерине жол көрсеткишлери орнатылып, ҳәр бир аймақта тест сынақлары процеси ушын зәрүр мәлимлеме, техникалық, медициналық ҳәм турмыслық шараятлардың жаратылыўына айрықша әҳмийет берилди. Атап айтқанда, абитуриентлердиң аймақ сыртындағы ҳәм ишиндеги топланыў орынларында сая-салқын жерлер – арнаўлы саябанлар, «микроклимат» системасы шөлкемлестирилди.

Жолаўшы тасыўшы транспортлардың өз ўақтында ҳәм үзликсиз қатнаўы тәмийинленбекте. Имарат басшылары ҳәм топар қадағалаўшыларының тест сынақларына белгиленген ўақытта жетип келиўин тәмийинлеў ушын барлық шөлкемлестириўшилик жумыслар – транспорт, топланыў орынларын ҳәм ўақтын белгилеп алыў сыяқлы илажлар әмелге асырылмақта. Тест сынақлары өткерилетуғын имаратлар бақлаў камералары ҳәм шахсты идентификациялаў қураллары менен үскенеленди.

Тест сынақларының улыўма процеси МТО тәрепинен рухсат берилген Жаслар аўқамы орайлық кеңеси ағзасының қадағалаўы астында абитуриентлерге кесент етпеген ҳалда биринши сменада 10:00 ден 10:20 ға шекем 17:00 ден 17:20 ға шекем болған ўақытларда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен сүўретке алыўға рухсат бериледи.

Мәмлекетлик тест орайының мағлыўматына бола, республика бойынша жәми 60 жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм олардың 30 филиалына кириў ушын 1 миллион 66 мың 925 абитуриент дизимнен өткен. Олардан 718 мың 97 абитуриент күндизги тәлим бағдарына, 13 мың 821 абитуриент кешки тәлим бағдарына, 335 мыңнан асламы сыртқы тәлим түрине ҳүжжет тапсырған.

Н.Усмонова,ӨзА