Бүгин, 29-июль күнинен баслап Өзбекстан бойынша жоқары оқыў орынларына кириў ушын тест сынақлары басланды.

Тест процесин интернет арқалы онлайн тәризде, сондай-ақ, үйиңизде отырып телевизор арқалы да бақлап барыў имканияты жаратылды.

Интернет арқалы онлайн бақлаў ушын test2019.uz сайтына кирип, өзиңизге керек болған аймақты ҳәм тест өткерилип атырған имаратты сайлаўыңыз керек.

Сондай-ақ, телевизор арқалы Test-2019 телеканалы арқалы процести онлайн көриўиңиз мүмкин болады.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы тест сынақлары Қарақалпақстандағы еки орында өткерилмекте:

 

1) Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби (Айдын жол спорт комплекси) – мәнзили: Нөкис қаласы, М.Жуманазаров көшеси, 172-жай.

 

2) Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернаты (бурынғы Олимпия резервлери колледжи) – мәнзили: Нөкис қаласы, Шымбай гүзары көшеси.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.