Ҳүкиметлик қарар тийкарында сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў (нострификациялаў) тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Талабанлар сораўнамаға билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжет, оның қосымшасы ҳәм олардың өзбек тилине аўдарма исленген нотариаллық тастыйықланған нусқасын қосымша етиўи керек болады.

Сынаў тийкарында тән алынатуғын ҳүжжетлер ушын тест сынақлары шөлкемлестириледи ҳәм бул ҳаққында 10 күн алдын билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша инспекциясының сайтында жәрияланады.

Тест сынаўы 50 сораўдан ибарат болады және 54 ҳәм оннан аз балл топлаған талабанлардың ҳүжжетлери тән алынбайды.

Уставқа муўапық, сырт еллерде улыўма орта ҳәм орта билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў бийпул әмелге асырылады. Орта арнаўлы, кәсип-өнер, жоқары билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў бойынша билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алғаны (нострификациялағаны) ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 3 есеси муғдарында төлем өндириледи.

 

Төмендеги жағдайларда ҳүжжетлерди тән алыў сынаўларсыз әмелге асырылады:

 

– улыўма орта ҳәм орта, орта арнаў, кәсип-өнер ҳәм тәжирийбесин арттырыў бойынша билим алған талабанлардың ҳүжжетлери;

– Өзбекстанда бөлимлери ҳәм қоспа билимлендириў мәкемелери болған сырт ел билимлендириў мәкемелеринде оқыған талабанлардың ҳүжжетлери;

– Халықаралық 1000 лық рейтингке кирген жоқары билимлендириў мәкемелериниң ҳүжжетлери;

– министрлик ҳәм мәкемелердиң жолламалары тийкарында билим алған талабанлардың ҳүжжетлери;

– 1992-жыл 1-январьға шекемги сырт ел билимлендириў мәкемелерине кирген талабанлардың ҳүжжетлери;

–  Жоқары билимлендириўде сапаны қадағалаў бойынша Европа ассоциациясының ағзалары тәрепинен аккредитацияланған билимлендириў мәкемелеринде билим алғанлардың ҳүжжетлери;

– АҚШ, Австралия, Израиль, Канада, Сингапур, Қубла Корея, Япония мәмлекетлеринде аккредитацияланған билимлендириў мәкемелеринде билим алғанлардың ҳүжжетлери;

– Министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен ажыратылған қаржылар есабынан билим алған талабанлардың ҳүжжетлери;

– халықаралық шәртнамалар, Президент ҳәм Ҳүкиметлик ҳүжжетлерде көрсетилген жағдайларда билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлер.

 

Сондай-ақ, 2019-жыл 1-сентябрьден баслап сырт еллерде улыўма орта ҳәм орта билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ушын арзалар тек ғана мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.