Нөкис районлараралық пуқаралық ислери бойынша судының 2018-жыл 22 күнги орынлаў қағазына тийкарланып қарыздар «Жалтырбас Балық» ЖШЖдан өндириўши АКБ Қишлоқ қурилиш банки ҚР регионаллық филиалының пайдасына 330 млн. 466 мың сум кредит қарыздарлығын өндириў, өндириўди болса гиреў мүлкине қаратыў белгиленген.

Суд қарарының орынланыўын тәмийинлеўде бөлим мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен жәмийетке тийисли болған, гиреўге қойылған ҳәкимшилик имарат хатланған ҳәм электрон онлайн-аукцион саўда майданшасына қойылған.

Алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлериниң нәтийжесинде, қарыздар жәмийет тәрепинен жәми 330 млн. 466 мың сум кредит қарыздарлығы усы жылдың 5-майы күни толық өндирилген.

ӨзА