Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында Корея Республикасының KOICA шөлкеминиң волонтёры Ли Ю Джун басшылығында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинарда волонтёр тәрепинен профессионал сайт жаратыўдың басқышлары, усыллары бойынша веб-бағдарламалар бойынша кең түрде мағлыўматлар берилип, оларда ислеў бойынша қатнасыўшылардың билимлери жетилистирилди.

Мағлыўмат ушын, ТИТУ Нөкис филиалы ҳәм Корея Республикасының KOICA шөлкеми арасында веб-технологиялар бойынша жумысларды биргеликте алып барыў бойынша әмелий жумыслар даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.