Global Firepower аналитикалық агентлиги дүньяның ең күшли армияларының рейтингин жәриялады.

Өзбекстан дүньяның ең күшли армиялары рейтингинде 48-орынды, ҒМДА мәмлекетлери арасында болса Россия, Украина ҳәм Беларуссиядан соң 4-орынды ийеледи.

Өзбекстанның қураллы күшлери 2018-жылдың жуўмақларында жәрияланған рейтингке салыстырғанда 9 қатарға төменге түскен, бирақ солай болса да, армия Орайлық Азия мәмлекетлериниң ишинде ең күшлиси деп табылған.

Рейтингниң жоқары орынлары АҚШ, Россия, Қытай, Ҳиндстан, Франция, Япония, Қубла Корея, Уллы Британия, Түркия, Германия ҳәм басқа мәмлекетлерген несип еткен.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан қураллы күшлери қурамында 420 танк, 179 самолёт, 1215 жаўынгерлик қураллар бар. Мәмлекетлик қорғаныў ушын ҳәр жылы 70 миллион доллар ажыратылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.