Республикамыздың 505 орнында аймақлық басқышы өткерилген ҳәм мыңнан аслам жасларды қамтып алған волейбол бойынша «Мәҳәлле кубоги» беллесиўиниң Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған әҳмийетли 5 басламаны мәҳәлле пуқаралар жыйынларында кең түрде әмелге асырыўға қаратылған беллесиўдиң финальлық V  басқышында өзин-өзи басқарыў уйымларында жасайтуғын 14-16 жастағы жас өспиримлер ҳәм қызлардан ибарат 8 команда қатнасты.

«Мәҳәлле кубоги» ушын беллесиў ушырасыўлары 3 таймға шекем өткерилип, ҳәр бир тайм 2 очко үстинлиги менен 25 очкоға шекем даўам етти. Беллесиў жуўмағында ул балалар арасында Нөкис қаласының «Туңғыш қоныс» мәкан пуқаралар жыйынынан «Нукус ИВС» командасы, қызлар арасында Қараөзек районының «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынының «Мәденият» командасы биринши орынды қолға киргизди.

Жеңимпазларға Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңеси  тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.