Усы жылдың 22-23-24-июль күнлери Қарақалпақстан Республикасында Президент мектебине қабыллаў имтиханларының екинши басқышы болып өтпекте. Ҳәр күнги имтиханда 960 оқыўшыдан, үш күн даўамында жәми 2 мың 880 оқыўшы қатнаспақта.

Екинши басқышта мәлимлемени анализлеў ҳәм салыстырыў қәбилетин анықлаў бойынша математика пәнинен 24 мәселени шешиўге 60 минут, инглис тилинен 55 тест сораўына жуўап табыў ушын 75 минут ўақыт ажыратылған.

Имтиханлар Нөкистеги Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде ҳәм Нөкис қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатында болып өтпекте. 22-июль күни 5-6-классларға, 23-июль күни 7-8-классларға,  24-июль күни 9-10 классларға қабыллаў ушын оқыўшылар гезектеги таңлап алыў имтиханларынан өтпекте.

Имтиханлар Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Уллы Британияның билимлендириў тараўында хызмет көрсететуғын «Cambridge Assessment International Education» шөлкеминиң ўәкиллери тәрепинен бақлап барылмақта. Ата-аналар ҳәм устазларға перзентлериниң имтихандағы қатнасыўын онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған. Нәтийжелер усы шөлкем тәрепинен анықланады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.