Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги қурамында бир қатар тайынлаўлар әмелге асырылды.

Оған бола, «Өзбекнефтьгаз» АЖның баслығы ўазыйпасында ислеп келген Сидиқов Баходир Бахрамович өз лаўазымында қалады.

«Өзтрансгаз» АЖ басқармасының баслығы  етип Сайидов Улуғбек Хусанов тайынланды. Ол алдын «Өзбекнефтьгаз» АЖ басқармасы  баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеп келген.

«Аймақтәмийнатгаз» АЖ басқарма баслығы лаўазымына Эшмуродов Баходир Бешимович тайынланды. Ол бурын «Өзтрансгаз» АЖ басқармасы баслығы лаўазымында ислеп келген.

ӨзА