Халықаралық аэропортларда қәўипсизликти тәмийинлеў әскерлери шөлкемлестирилгениниң 25 жыллығына бағышланған байрам илажы «Нөкис» халықаралық аэропортында қәўипсизликти тәмийинлеў айрықша батальонында да болып өтти.

«Елимиздиң қәўипсизлиги жолында 25 жыл» сүрени астында өткерилген илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-майдағы қарары менен Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги қарамағында Халықаралық аэропортларда қәўипсизликти тәмийинлеў әскерлери шөлкемлестирилди. Бул хызмет он бир айрықша батальоннан ибарат болып, олардың тийкарғы ўазыйпасы елимиздеги Халықаралық аэропортларда қәўипсизликти ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў болып табылады.

Илаж қатнасыўшыларына Халықаралық аэропортларда қәўипсизликти тәмийинлеў әскерлери сәркардасы, генерал-майор Б.Мирзирахимовтың әскерий хызметкерлерге жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди. Пидәкерлик хызметлери ҳәм айрықша минез-қулқы ушын әскерий хызметкерлерден майор Азиз Элов, майор Одилбек Абдуллаев, киши сержантлар Светлана Кошербаева, Бахтияр Махмудов, Эргаш Қурбанбаев, қатардағы әскерлер Арыстанбек Ерғалиев, Хусан Атаханов, Санжар Матмуратов, Шиҳназар Отаев, Марат Алимов, Абдулазиз Абдурахманов, Үмитжан Очилдиевлар баҳалы саўға менен ақшалай сыйлықланды. Айрықша батальон жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң жетекшиси, капитан Амангелди Салимовға Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баҳалы саўғасы тапсырылды. Сондай-ақ, байрам мүнәсибети менен жеңил атлетика бойынша өткерилген жарыстың жеңимпазлары сыйлықланды.

Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тиң түсирген сүўретлери.