Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы жанындағы Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрлар таярлаў институтының 2018/2019 оқыў жылының 2-дәўиринде 4 айлық қайта таярлаў оқыў курсын табыслы тамамлаған 55 тыңлаўшыға диплом тапсырылды. 

Тыңлаўшыларға теориялық билим берилди. Қәнигелигин арттырыў әмелияты шөлкемлестирилди. Онда тийкарғы итибар мәмлекетлик басқарыўдың ҳәр қыйлы системаларында басшы лаўазымында өзин сынақтан өткериў, басшылық, жетекшилик, финанслық ресурсларды басқарыў, қурамалы басқарыў әмелиятында қарар қабыл етиў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылды. Усы көзқарастан, көпшилик тыңлаўшылар министрликлер, уйымлар, шөлкемлер ҳәм ҳәкимликлерде жуўапкер лаўазымларда жумыс алып барып атырған хызметкерлерге дублёр сыпатында жиберилди.

– Бизлер оқыў процеси даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдың ҳуқықый тийкарлары, басқарыў ҳәм пикирлесиў психологиясы, басқарыў социологиясы, инновациялық менеджмент, системалы таллаў тийкарлары, стратегиялық басқарыў сыяқлы пәнлерден билим алдық, – деди Ишки ислер министрлиги орайлық аппаратының бөлим баслығы Улуғбек Омонов. – Оқыў даўамында ҳақыйқый басшы қандай болыўы керек, деген сораўға жуўап таптық. Басшыларда қандай өзгешеликлер жәмленген болыўы зәрүр екенлигин әмелият даўамында өзлестирдик.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген институтта билим алыўды әрман еткен едим, – деди тыңлаўшы Гўзал Охунова. – Бүгин сол әрманым орынланды. Төрт ай даўамында тәжирийбели устазлардан билим алдық. Пул-кредит сиясаты, Өзбекстан ҳәм жәҳән экономикасы бойынша зәрүр билимге ийе болдық. Ең әҳмийетлиси, сана-сезимимиз бир текшеге өсти, билимимиз беккемленди.

Сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары, Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Қаҳрамон Қуронбоев қатнасты.

AFZ_8094.JPG

AFZ_8211.JPG

AFZ_8228.JPG

Ҳуршид ҚОДИРОВ,

ӨзАның хабаршысы