Нөкисте 13-14 жастағы ул ҳәм қыз балалар арасында спорттың гүрес түри бойынша «Мәҳәллемиз палўанлары» беллесиўиниң Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңеси тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен бирликте өткерилген беллесиўде 2005-2006–жылларда туўылған 46, 50, 55 килограмм салмақтағы ул балалар, 44, 48, 52 килограмм салмақтағы қызлар гилемге түсти.

«Мәҳәллемиз палўанлары» беллесиўи жас өспиримлерди спорт-саламатландырыў илажларына кеңнен тартыў, олар арасында медициналық ҳәм физикалық мәдениятты раўажландырыў, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыў бойынша 5 басламаны мәҳәлле пуқаралар жыйынларында кең түрде әмелге асырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-февральдағы «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысының нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дәстүрий түрде өткерилип келинбекте.

Қарақалпақстан Республикалық басқышта мәҳәлле бириншилигинде, мәҳәллелераралық беллесиўлерде жеңиске ерискен 96 жас өспирим қатнасты.

Республикамыз бойынша 842 жерде өткерилип, гүреске қызығатуғын 10 мыңнан аслам жас өспиримди қамтып алған «Мәҳәллемиз палўанлары» спорт беллесиўинде ул балалар арасында Шымбай районынан М.Темирбеков, Нөкис қаласынан З.Шанназаров ҳәм Қараөзек районынан И.Искендеров  толық жеңиске еристи.

Қызлар арасында Қараөзек районынан А.Тилеўмуратова ҳәм Г.Кеўлимжаевалар, сондай-ақ, Нөкис қаласынан А.Меденбаева жеңисти қолға киргизди.

Жеңимпазларға ҳәм номинациялар бойынша анықланған қатнасыўшыларға Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңеси  тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.