Бас министр орынбасары Азиз Абдуҳакимов Facebook арқалы Мәмлекетлик тест орайының рухсатнамасын алыў тәртиби ҳаққында мағлыўмат берди. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиев жазбақта.

Тест сынақларына қатнасыў ушын «Абитуриент рухсатнамасы»н тарқатыў 2019-жыл 20-июльдан басланады.

«Абитуриент рухсатнамасы»н тарқатыў төмендегише әмелге асырылады:

 

1) Абитуриентлер 20-29-июль күнлери Интернет арқалы Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz рәсмий веб-сайтының «Рухсатнаманы басып шығарыў» бөлиминдеги арнаўлы айнаға паспорт (ямаса туўылғаны ҳаққындағы гүўалық) сериясы ҳәм номерин киргизеди.

Мониторда пайда болған «Абитуриент рухсатнамасы» ҳәм «Абитуриентке ескертиў»ди баспадан шығарып алады.

 

2) Dtm.uz рәсмий веб-сайтынан рухсатнамасын 22-июльға шекем алмаған күндизги билимлендириў формасы бойынша дизимге алынған абитуриентлер 23-26-июль күнлери төмендеги мәкемелерге мүрәжат етиўи ҳәм рухсатнамаларын алыўы мүмкин:

 

– жасаў орнына қарамастан қәлеген район (қала)лардағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары;

– жасаў орнына қарамастан қәлеген жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссиялары;

– жасаў орнына қарамастан қәлеген Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң район (қала)лық бөлимлери.

 

Усы мәкеме хызметкерлери dtm.uz рәсмий веб-сайтынан жоқарыда көрсетип өтилген тәртип бойынша «Абитуриент рухсатнамасы»н шығарып береди.

 

3) Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz рәсмий веб-сайтынан рухсатнамасын 25-июльға шекем алмаған сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формалары бойынша дизимге алынған абитуриентлер 26-29-июль күнлери төмендеги мәкемелерге мүрәжат етиўи ҳәм рухсатнамаларын алыўы мүмкин:

 

– жасаў орнына қарамастан қәлеген район (қала)лардағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары;

– жасаў орнына қарамастан қәлеген жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссиялары;

– жасаў орнына қарамастан қәлеген Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң район (қала)лық бөлимлери.

 

Усы мәкеме хызметкерлери dtm.uz рәсмий веб-сайтынан жоқарыда көрсетип өтилген тәртип бойынша «Абитуриент рухсатнамасы»н шығарып береди.

 

Рухсатнамалар барлық мәкемелер тәрепинен бийпул шығарып берилип, тарқатылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.