Буннан бир әсир бурын ана жеримиз Түркистан үлкесиниң тәғдири зыялыларымыздың жасап қалыў ямаса қалмаў  мәселесине айланған ўақытта уллы ағартыўшы илимпаз Абдурауф Фитрат «Ҳәр бир мәмлекеттиң жетилисиўи ҳәм раўажланыўы жасларға қандай билим және тәрбияның берилиўине ҳәр тәреплеме байланыслы болып есапланады», деген жақсы сүренди ортаға таслаған еди.

Өткен аўыр ҳәм қыйын жыллар уллы келешекти ҳәр тәреплеме жетик ҳәм жоқары маманлыққа ийе қәниге кадрларды таярламастан қурыў мүмкин емес екенлигин тастыйықлады.

Сол себепли, елимизде саламат ҳәм ҳәр қыйлы иллетлерден жырақ болған тәлим-тәрбия орталығын қәлиплестириў бүгин ҳәр биримиздиң әҳмийетли және тийкарғы ўазыйпамыз болыўы керек.

Бул жолда тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў, билимлендириў системасының әдиллигин ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеў, әсиресе, оның абырайына зыян келтиретуғын коррупцияны сапластырыў кешиктирип болмайтуғын ўазыйпамыз есапланады.

Бизге белгили, Шығыста оқытыўшы, устаз ҳәмийше данышпанлық, әдеп-икрамлылық пәклик, ҳадаллықтың үлгиси болып келген. Тилекке қарсы, айырым дәмегөй, билимлендириў тараўына тосаттан кирип қалған, өзиниң мәпин халықтың мәпинен жоқары қоятуғын адамлар себепли билимлендириў мәкемелери халықтың нәзеринде белгили дәрежеде абырайсызланды.

Илимди ҳәр қашанда ҳәмме нәрседен үстин қойып келген, нәкас ислерден жеркенген, руўхый дүньясы ҳәм мәденияты жоқары болған өзбек халқы ушын коррупция улыўма жараспайтуғын иллет болып есапланады.

Әсиресе, енди ғана өмир жолларында қәдем таслап атырған, қәлби пәк, мөлдиреген көзлери менен өз келешегине исеним менен қарап турған жас жигит-қызларды коррупция ийримине тартыў бу – ең аўыр жынаят болып есапланады.

Сол себепли, Өзбестанда раўажланыўымыздың жаңа басқышында бул иллетке қарсы гүресиўдиң ең нәтийжели усылларын  жәмлестирген  комплексли қатнас жасаўға мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тийкар салынғанлығын айрықша атап өтиў керек.

Әсиресе, 2017-2021-жылларда Өзбекстанды раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы өзиниң түпкиликли  мазмуны менен усы коррупцияны тамыры менен жоқ етиўге қаратылған тарийхый ҳүжжет болды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында билимлендириў тараўын «коррупциясыз тараў»ға айландырыў оғада әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленди.

Пәрманға бола, 2019-жыл 1-августтан баслап эксперимент тәризинде усы жоқары билимлендириў тараўында «коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыў белгилеп қойылғанында терең мәни бар. Себеби, мәмлекетте болып әмелге асырылып атырған ҳәр қандай реформаның табысы биринши гезекте билимлендириўге байланыслы.

Сол себепли, Президентимиздиң быйыл 24 ҳәм 28-май күнлери жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары, профессор-оқытыўшылары ҳәм илим тараўының ўәкиллери менен болған ушырасыўлары ўақтында оқыў орынларда ушырасып атырған дәмегөйликке байланыслы жағдайлар терең талланып, усы иллет сынға алынды. Коррупция тәлим-тәрбия системасы ушын ең үлкен қәўип сыпатында тән алынды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Елимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жетилистириў, билим бериў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жасларды билимлендириўге кеңнен тартыў сыяқлы жумысларда өзлериниң айқын көринисин таппақта.

Аймақларда жаңа жоқары билимлендириў мәкемелериниң шөлкемлестирилиўи, кадрлар таярлаўдың заманагөй билимлендириў бағдарлары, қәнигеликлери ҳәм сыртқы және ишки бөлимлериниң ашылыўы, жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў көрсеткишлериниң арттырылыўы усы бағдардағы әҳмийетли реформалар болып есапланады.

Республикамыздағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 77 тен 110 ға жетти, олардан 19 ы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемлериниң филиаллары. Кейинги еки жылда 12 сырт ел билимлендириў мәкемесиниң филиаллары шөлкемлестирилди (АҚШ – 1, Россия – 5, Қубла Корея – 3, Латвия – 1, Ҳиндстан – 2).

Тек ғана 2018/2019 оқыў жылында 20 жоқары билимлендириў мәкемесинде 10 сырт мәмлекеттиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте 33 тәлим бағдары ҳәм 14 қәнигелик бойынша биргеликтеги билимлендириў бағдарламасы тийкарында кадрлар таярлаў жолға қойылды.

Экономиканың реал секторларында бар талаптан келип шыққан ҳалда быйылғы оқыў жылынан баслап 66 заманагөй тәлим бағдары ҳәм 48  магистратура қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаўдың жолға қойылыўы перзентлеримиз ушын кең имканиятлар есигин ашпақта.

Жоқары билимлендириўге мәмлекетлик бюджеттен 2018-жылда 875,9 миллиард сум ажыратылған болса, 2019-жылы бул көрсеткиш 1 триллион 288,4 миллиард сумға жетти ямаса дерлик 1,5 есеге көбейди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-июльдеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жетилистириў, тараўда мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға қаратылған пәрманы ҳәм қарары жоқары билимлендириў тараўы ушын тарийхый ўақыя болды.

Оларда жоқары билимлендириў мәкемелерин басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў, сондай-ақ, ректорларға студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыўға қабыллаў параметрлерин белгилеў, жаңа бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин ашыў сыяқлы ўәкилликлерди бериў нәзерде тутылған.

Бул, өз гезегинде, жоқары билимлендириў мәкемелери басшыларының бийғәрезлигин арттырыў менен бирге, ректорларға оғада үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Бирақ, тән алыўымыз керек, гүриш шигинсиз болмағанындай, системада жуўапкер хызметкерлер арасында коррупция менен байланыслы жағдайлар жоғалмаған.

Әне усы сыяқлы  жағдайларды да сапластырып, системаны коррупциядан жырақ тараўға айландырыўға қаратылған илажлардың режеси ислеп шығылып, усынылды.

Ҳүрметли профессор-оқытыўшылар!

Дүньядағы ең абырайлы кәсип ийелери болып есапланған әзиз устазлар, оқытыўшылар!

Бүгин реформалар өзиниң шешиўши ең жоқарғы басқышына көтерилген бир пайытта уллы бабаларымыз – бухарийлер, хорезмийлер, самарқандийлер, насафийлер, термизийлер, ферғанийлер, шашийлерден мийрас болып қалған ҳадаллық ҳәм пәкликти сүрен етип, перзентлеримизге илимниң сырларын үйретиўде мүнәсип әўлад болайық!

Ҳүрметли Президентимиз бизлердиң жумыс ислеўимиз, жақсы жасаўымыз, дүньяға шығыўымыз ушын шексиз шараятларды жаратып бермекте. Бир-биринен саўлатлы етип қурылып атырған заманагөй илим дәргайлары бизлер ҳәм балаларымыз ушын болып табылады.

Оларға коррупцияның нангөректей өрмелеп кириўине улыўма жол қоймайық. Өз билими ҳәм күшине анық исенген перзентлеримиздиң илим сырларын үйрениўи ушын сүйеныш болайық.

Бүгин жоқары билимлендириў системасына оғада үлкн итибар қаратылып атырған бир ўақытта жаслардың ўатансүйгиш, елге садық ҳәм ҳәр тәреплеме бәркамал болып жетилисиўине қәўип туўдырып атырған коррупцияға қарсы биргеликте гүресейик!

Әзиз ўатанласлар!

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, бизлер – Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасының барлық басшы ҳәм хызметкерлери «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызам ҳәм Өзбекстанды раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын нәтийжели тәмийинлеўде жоқары билимлендириў тараўындағы реформалардың оғада үлкен әҳмийетке ийе екенлигин аңлаған ҳалда:

бириншиден,  жоқары билимлендириў мәкемелерин тәжирийбели, ҳадал ҳәм пәк ҳүжданлы, жуўапкершиликли профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлерден қәлиплестирип, олардың ўазыйпаларын анық белгилеп беремиз;

екиншиден, абитуриентлердиң жоқары оқыў орынларына қабыллаў процесине, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын өткериўге, студентлердиң билимин баҳалаўға ҳәм оқыўын көшириў және қайта тиклеўге, оқыўларын баслаўы ушын ҳәр қыйлы жасалма тосқынлықларға, пуқаралардан ҳәр қыйлы нызамсыз төлемниң өндирилиўине жол қоймаслығына жәрдемлесетуғын «Жәмийетлик кеңес»ти шөлкемлестирип, әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеймиз;

үшиншиден, студентлердиң оқыўын көшириў ҳәм қайта тиклеў ҳаққындағы мүрәжатларынан бас тартыў, артықша ҳүжжетлерди талап етиў жағдайларының алды алыныўын, сондай-ақ, пуқаралардың арзаларын өз ўақтында көрип шығылыўы ҳәм артықша әўерегершиликлерге жол қойылмаслығын тәмийинлеп беремиз;

төртиншиден, профессор-оқытыўшы ҳәм студент арасындағы бюрократлық тосқынлықларға жол қоймаў илажларын көрип, олардың жумысын турақлы таллап барыўды, баҳалаў критерияларындағы ашық-айдынлықты күшейтип, әдиллик олардың билимин баҳалаўда тийкарғы фактор болыўын белгилейтуғын илажларды көремиз;

бесиншиден, жоқары билимлендириў мәкемелерин қаржыландырыўдың (мәмлекетлик бюджети, соның ишинде, орайластырылған қаржылар есабынан, оқытыўдың төлемли-контракт түри, раўажландырыў қоры ҳәм грант қаржылары есабынан) әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге әмел етилиўин, қәрежетлер көрсеткишлерин қәлиплестириў тәртибине әмел етиў және ишки финанслық тексериў жумысларын жетилистириўди, усы процессте коррупцияға байланыслы жағдайларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырылыўын қатаң қадағалаўға аламыз;

алтыншыдан, кадрларды қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў, илимий-изертлеў жумысларын таярлаў ҳәм енгизиў, хызметкерлерди жумысқа қабыллаў және лаўазымға тайынлаў, билимлендириў мәкемелерин мақсетли үйрениў сыяқлы мәселелерге байланыслы барлық жумысларда коррупцияның алдын алыў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратамыз;

жетиншиден, системада коррупцияның алдын алыў ҳәм барлық процесслерде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған үгит-нәсият, түсиник жумысларын және руўхый-ағартыўшылық ҳәм шөлкемлестириўшилик илажлар (үйрениўлер, социаллық сораўлар, таңлаўлар ҳәм басқалар)ды жоқары дәрежеге көтеремиз.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен оқыўға әдил жол менен кириўге ерисиўдиң барлық шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый өзгешеликлери толық жаратып берилди. Тек ғана оларға қатаң әмел етиў қалды. Ең дурыс жол – билим жолы, әдил жол болып есапланадыӘ Әдиллик болса өз-ара аўызбиршилик ҳәм бирлик болып есапланады.

Бизлер, жоқары билимлендириў системасының басшылары, көп санлы ректорлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте коррупцияға қарсы гүресип, перзентлеримиздиң келешеги ҳәм Ўатанымыздың раўажланыўы жолында шын кеўилден хызмет етиўге ўәде беремиз.

Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри.

 

ӨзА