Тақыятас районындағы ыссылық электр станциясының еки энергоблокы электр узатыў линияларындағы машқалалар себепли 18-июль күни өшип қалған. Бул ҳаққында станция мағлыўматларына тийкарланып «Газета.uz» хабар берди.

Энергоблоклардың жумысы тоқтап қалғаны ушын Хорезм ҳәм Қарақалпақстанның айырым районларында электр тәмийнаты үзилип қалған.

«Авария деп болмайды, бул өширилиў. Ҳәзир қайтадан жалғаў бойынша жумыслар алып барылмақта. Еки блок әллеқашан жалғанған, техникалық процесс даўам етпекте. Өшиў 10:43 те жүз берген. Себеплери үйренилмекте. Бул электр узатыў линиялары себепли де болыўы мүмкин, оларға Хорезм ўәлаяты, Қарақалпақстан да жалғанған. Қайта жалғаў бойынша жумыслар қашан жуўмақланыўы белгисиз. Бул техника болса, алдын ала бир зат деп болмайды», – деген ЫЭС ўәкили.

Энергетика министрлигинен хабар бериўинше, үзилис техникалық қорғаныў системасы ислеп кеткеннен соң биринши энергоблокта жүз берген (станцияда улыўма еки энергоблок бар). Арадан 12 секунд өтип қорғаныў системасы екинши энергоблокта ҳәм турбогенераторда (улыўма үш турбогенератор бар) да иске түскен.

10:59 да турбогенератор қайтадан ислей баслаған. Энергетика министрлиги ўәкиллериниң билдириўинше, еки энергоблокты жалғаў жумыслары даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.