Ташкенттеги Халықаралық бирге ислесиў орайында 17-июль күни Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Аўғанстан ҳүкиметлераралық комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Илажда еки мәмлекеттиң сыртқы экономикалық байланыслар, саўда-санаат, инвестиция, энергетика, нефть-газ, бажыхана, транспорт ҳәм транспорт коммуникациялары, темир жол, авиатасыў, машина қурылысы, электр техникасы, қурылыс, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, фармацевтика тараўларында жумыс алып барып атырған министрликлер ҳәм уйымлардың, компаниялардың, исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.

Комиссияның жәрдемши басшылары – Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи, «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы Нодир Отажонов ҳәм Аўғанстан Ислам Республикасы Президентиниң үлкен кеңесгөйи, қаржы министри Муҳаммад Ҳумоюн Қаюмий мәмлекетлеримиз арасындағы саўда, экономика, транспорт ҳәм энергетика, билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўдиң избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.

Өзбекстан бүгинги күнде Аўғанстандағы қурылыс, энергетика, таў-кән санааты ҳәм билимлендириў тараўларындағы жойбарларда қатнасып келмекте.

Мәмлекетимиздиң жәрдеми  менен Аўғанстанда көпирлер, жоқары вольтлы электр линиялары, оптик-талшықлы кабель линиялары, суў тәмийнаты тармағы қурылды. Ҳайратоннан Мозори-Шарифге шекем темир жол линиясы қурылды. «Сурхан – Пули – Хумри» электр узатыў линиясының қурылысы бойынша келисимлер еки мәмлекет арасында энергетика тараўындағы бирге ислесиўде жаңа бет ашты. Гезектеги қоспа жойбар Мозори-Шариф – Шибирғон – Маймана – Ҳирот темир жолын биргеликте қурыў болып табылады.

Мәмлекетимизден Аўғанстанға электр энергиясы, мийўе-овощлар, нефть өнимлери, минерал төгинлер экспорт етилмекте. Өзбекстанда аўғанстанлы инвесторлардың қатнасыўында дүзиилген бир қатар кәрханалар жумыс алып бармақта. Олар саўда, хызметкөрсетиў, қурылыс материалларын ислеп шығарыў сыяқлы тараўларда жумыс ислемекте.

Аўғанстан Ислам Республикасы Президентиниң үлкен кеңесгөйи, комиссияның жәрдемши баслығы Муҳаммед Ҳумоюн Қаюмий экономиканың түрли тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пайдаланылмаған имканиятлар көп екенлигин атап өтти. Саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыў ушын әмелий илажлар көрилип, темир жол, транзит ҳәм бақа да төлемлердиң тариф баҳалары азайтылып атырғаны өз-ара товар алмасыў көлемин сезилерли дәрежеде арттырыў ушын және де қолайлы шараят жаратып атырғаны атап өтилди.

-Өзбекстанда экономиканы диверсификациялаў ҳәм санаатты модернизациялаўға бағдарланған кең көлемли реформалар итибарға ылайықлы,-деди Муҳаммед Ҳумоюн Қаюмий. – Комиссия мәжилиси еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди және де жеделлестириў, перспективалы қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалаў ушын қолайлы имканият болды. Өзбекстан менен саўда, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм коммуникациялар сыяқлы тараўлардағы байланысларды буннан былай да раўажландырыўдан мәпдармыз.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Аўғанстанға жақында әмелге асырған сапары даўамында аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиўди және де раўажландырыў, Аўғанстанда жетистирилип атырған пахта шийки затын сертификатлаў, өсимликлерди қорғаў бойынша кадрларды таярлаў, пестицидлерди жеткерип бериў, аўыл хожалығын механизациялаўға жәрдем бериў ҳәм тәжирийбе алмасыўларды шөлкемлестириўге байланыслы келисимлерге ерисилген еди.

Мәжилисте жоқары дәрежедеги ушырасыўлар, сондай-ақ, түрли статустағы делегациялардың өз-ара ушырасыўлары даўамында ерисилген келисимлерди нәтийжели әмелге асырыў мәселелери додаланды. Өзбекстан менен Аўғанстан арасында өз-ара товар алмасыў көлемин және де арттырыў, кең көлемли саўда экономикалық, транспорт ҳәм энергетика тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Аўғанстан делегациясы Өзбекстандағы жаңа экономикалық сиясаттың нәтийжеси, мәмлекетимиздиң экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў ушын жаратылған  шараят, елимиздиң экспорт потенциалы, индустриаллық зоналардағы имканиятлар менен таныстырылды. Өз-ара бирге ислесиўди және де жеделлестириў ушын бар имканиятларды толық иске қосыў кереклиги атап өтилди.

Мәжилисте өз-ара саўда көлемин және де арттырыў мәселелери ҳаққында сөз болды. Энергетика, жеңил санаат, аўыл хожалығы, таў-кән санааты, металлургия, машина қурылысы, билимлендириў ҳәм басқа да бир қатар тараўларда өз-ара пайдалы қоспа жойбарларды әмелге асырыў, Аўғанстанға электр, турмыслық. аўыл хожалығы техникасы ҳәм үскенелерин экспорт етиў, биргеликте өз-ара пайдалы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдағы перспективалы ўазыйпалар көрип шығылды.

Аўғанстан делегациясының мәмлекетимизге сапары шеңберинде Өзбекстан-Аўғанстан мәмлекетлик ҳәм жеке секторлары ўәкиллери сөйлесииўиниң екинши басқышы, қоспа бизнес-форум ҳәм қәнигелестирилген көргизбе де болып өтти. Бул илажларда Аўғанстан рәсмий ҳәм бизнес топарларының жүзден аслам ўәкиллери қатнасты.

Атап айтқанда, «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде шөлкемлестирилген көргизбе санааттың түрли тармақларында, сондай-ақ, медицина, фармацевтика тараўларында өз-ара пайдалы келисимлерге ерисиў имканиятын берди. Ол мәмлекетимизде ислеп шығарылатуғын жоқары сапалы өнимлерди Аўғанстан базарына жеткерип бериў, бирге ислесиўши мәмлекеттиң экономикасын тиклеўге қаратылған қоспа жойбарларды ислеп шығыў мәселелерин додалаў ушын да қолайлы платформа ўазыйпасын атқарды.

Аўғанстан делегациясының ағзалары сол күни Өзбекстан Республикасы Минситрлер Кабинетинде, түрли министрликлер ҳәм уйымларда шөлкемлестирилген сөйлесиўлерде қатнасты.

Улуғбек Шоназаров,

ӨзАның хабаршысы