Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы қала ҳәм районларда жайласқан әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшелерине бойы 170 сантиметрден кем болмаған, әскерий хызметти атқарып келген, жасы 18 жастан киши болмаған (сондай-ақ, 30 жастан үлкен болмаған), орта арнаўлы ямаса жоқары мағлыўматлы, В, С категориядағы транспорт басқарыў гүўалығына ийе болған ер балаларды таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиў ушын дизимге алыў басланғанын хабарлайды.

Дизимге алыў жумыслары ҚР Өрт қәўипсизлиги басқармасының кадрлар бөлими хызметкерлери тәрепинен ҳәр ҳәптениң дүйшемби, шийшемби, сәршемби, пийшемби, жума ҳәм шемби күнлери саат 15:00 ден 18:00 ге шекем өткериледи.

Қәлеўши талабанлар дизимнен өтиўи ушын өзи менен бирге пуқаралық паспортын, әскерий гүўалығын, мийнет дәптершесин (егер бар болса), дипломын ямаса аттестатын, сондай-ақ, транспорт басқарыў гүўалығын алып келиўи тийис.

Дизимге алыў 2019-жыл 5-августқа шекем даўам етеди. Көрсетилген күннен кешиккен талабанлар дизимге алынбайды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.