Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен жәрияланып атырған стипендия таңлаўларының бағдарлары ҳәм оларды халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыў болып өтти.

Илажда министрликлер, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, оқыў орынлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда «Эл-юрт умиди» қорының директоры Адхам Бекмуратов шығып сөйлеп, жәрияланып атырған стипендия таңлаўларының бағдарлары, онда қатнасыўдың шәртлери бойынша кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы қәнигелерди сырт еллерде таярлаў ҳәм Ўатанласларымыз бенен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қорының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында өз жумысын баслаған бул қор тәрепинен өткен қысқа ўақыт ишинде елимизде қәбилетли жасларды излеп табыў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Қордың тийкарғы мақсети, сырт еллердеги жетекши университетлер, илимий орайлар ҳәм басқа да шөлкемлерде кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў системасын буннан былай да жетилистириў, социаллық тараў, мәмлекетлик басқарыў ҳәм экономиканың жетекши тармақларының жоқары қәнигели кадрларға болған артып баратырған талабын қанаатландырыў бойынша зәрүр шараятларды жаратып бериўден ибарат. Стипендия таңлаўларына талабанлар министрликлер менен шөлкемлердиң мақсетли буйыртпалары тийкарында билимлендириў, илим ҳәм илимий изертлеўлер, денсаўлықты сақлаў, мәмлекетлик басқарыў ҳәм экономиканың перспективалы бағдарлары бойынша әмелге асырылады.

Бул таңлаўларға республикамыздың жаслары да белсене қатнасып келмекте.  Мәселен, 2019-жыл ушын жоқары билимлендириў бағдары бойынша жәрияланған таңлаўда республикамыздан 18, басқа бағдарлар бойынша 7 жерлесимиз жеңимпаз болып, раўажланған сырт еллерде билимин жетилистириў және қәнигелигин арттырыў имканиятына ийе болды. Деген менен, изертлеўлер соны көрсетеди, жәрияланып атырған таңлаўлардың шәртлери орынларға толық жетип бармай атыр. Сонлықтан стипендия таңлаўларына қатнасыўшы талабанлардың санын арттырыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде республикамызда усындай аймақлық ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

-2020-жыл ушын усы жылдың сентябрь айында бес тәлим бағдары бойынша стипендия таңлаўын жәриялаў режелестирилген,-дейди «Эл-юрт умиди» қорының бөлим баслығы Жавоҳир Ахмедов.-Оның ушын квоталар елимиздеги 135 министрлик  ҳәм шөлкемнен келип түскен буйыртпалар тийкарында қәлиплестириледи. Биз усы таңлаўларға қәбилетли жасларды көбирек қатнасыўға, оларға жаратылып берилип атырған имканиятлардан толық пайдаланыўға шақырып қалған болар едик.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усы мазмундағы ушырасыў Әмиўдәрья, Шымбай ҳәм Қоңырат районларында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.