Азия футбол конфедерациясының Куала-Лумпурдағы штаб-квартирасында 2022-жылдағы Жәҳән чемпионаты ҳәм 2023-жылдағы Азия кубогының сайлап алыў жарысларының 2-басқышына шек тасланды.

Өзбекстан миллий сайланды командасы шек таслаў нәтийжелерине муўапық Сауд Арабиясы, Палестина, Йемен ҳәм Сингапур сайланды командалары менен бирге «D» топарынан орын алды.

 

Демек, шек таслаў нәтийжелери төмендегише:

 

«А»: Қытай, Сирия, Филиппин, Мальдив, Гуам.

«В»: Австралия, Иордания, Қытай Тайпейи, Кувейт, Непал.

«С»: Иран, Ирак, Баҳрейин, Гонконг, Камбоджа.

«D»: Сауд Арабиясы, Өзбекстан, Палестина, Йемен, Сингапур.

«Е»: Қатар, Оман, Ҳиндстан, Аўғанстан, Бангладеш.

«F»: Япония, Қырғызстан, Тәжикстан, Мьянма, Монголия.

«G»: БАӘ, Вьетнам, Таиланд, Малайзия, Индонезия.

«Н»: Қубла Корея, Ливан, КХДР, Түркменстан, Шри-Ланка.

 

2-басқыш ойынлары усы жылдың 5-сентябрь күнинен басланып, 2020-жыл июнь айына шекем даўам етеди. Нәтийжеде 8 топар жеңимпазлары ҳәм 2-орын ийелеринен ең жақсы көрсеткишке ийе болған 4 команда (улыўма 12 сайланды команда) ЖЧ сайлап алыўының кейинги басқышына шығады ҳәм Азия кубогы жолламасына ийе болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.