Усы жылдың 29-июнь күнинен баслап 2-июльға шекем өткерилген сайлап алыў тест сынақларының нәтийжелери 16-июль күни Cambridge Assessment International Education шөлкеминиң веб-сайтында жәрияланды.

 

Тест нәтийжелерин компьютер арқалы төмендеги силтеме арқалы көриўиңиз мүмкин.

https://www.admissionstesting.org/pre-selection-results/

 

Силтеме арқалы киресиз ҳәм белгиленген аймақты сайлайсыз, соңынан талабан тапсырған классты сайлап, үстине бассаңыз нәтийжелер мониторда көринеди.

Сиз талабанның ID номери арқалы неше балл топлағанын билиўиңиз мүмкин болады. Бунда жоқарыдағы көк реңге боялғанлары сайлап алыў имтиханларынан табыслы өткенлери, төмендеги ақ реңдегилери өте алмаған талабанлар болып есапланады.

Сиз өзиңизге керек талабанның нәтийжесин аңсат табыўыңыз ушын Ctrl+F түймелерин басыўыңыз ҳәм пайда болған излеў айнасына талабанның 11 саннан ибарат болған ID номерин киргизиўиңиз керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.