Усы жылдың 15-июль күни Хожели районында жасайтуғын 39 жаслы А.Я. Ташкент қаласының Бектемир районы «Қўйлиқ» дийқан базарының орайлық кириў жолында Ташкент қаласы Алмазар районында жасайтуғын 53 жаслы Т.Ф. менен өз-ара жәнжеллесип қалады ҳәм оны пышақ пенен жарақатлайды.

Ақыбетинде Т.Ф. емлеўханаға жатқарылған.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, А.Я. усланған. Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта, деп хабар бермекте ӨзР ИИМ.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.