Хабарыңыз бар, Президент Пәрманына муўапық 2019-жыл 1-августтан баслап ең кем мийнет ҳақы 10 процентке көбейтиледи.

Көпшиликке белгили, нызамшылыққа муўапық, жәрийма ҳуқықбузарлық анықланған ўақыттағы белгилеп қойылған ең кем мийнет ҳақыдан келип шыға отырып белгиленеди. Соған муўапық, ҳәр қыйлы ҳәкимшилик жәриймаларының муғдарлары да 2019-жыл 1-августтан 10 процентке көбейтиледи, деп хабар берди «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Бунда жәриймалар ҳуқықбузарлықлар әмелге асырылған ўақыттағы ең кем мийнет ҳақы муғдары бойынша төленеди. Мәселен, 28-июль күни транспорт басқарыўшысына автомобильде ҳәрекетлениўде телефоннан пайдаланғаны ушын ҳәкимшилик протокол дүзилди. 1-августтан жәриймалар муғдары өзгериўине қарамастан, бул транспорт бул транспорт басқарыўшысы 60 күнниң ишинде 28-июльда әмелде болған жәрийманы (608 190 сум) төлеўи керек болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.