2019-2020-оқыў жылы ушын абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў процесси кеше, 15-июль күни өз жуўмағына жетти.

Быйыл жоқары оқыў орынларына рекорд дәрежеде абитуриентлер ҳүжжет тапсыратуғынлығы ҳаққында алдын хабар берген едик.

 

Хош, қабыллаў жуўмақларына муўапық бул қаншелли әмелге асты?

2019-2020-оқыў жылы ушын республикадағы улыўма 60 жоқары оқыў орны ҳәм олардың 30 филиалына кириў ушын 1 миллион 66 мың 925 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Бул рекорд дәрежедеги көрсеткиш болып табылады.

Салыстырыў ушын келтирип өтемиз:

2017-2018-оқыў жылы ушын улыўма 729 мың абитуриент ҳүжжет тапсырған болса, 2018-2019-оқыў жылы ушын бул көрсеткиш 679 мыңды қураған еди.

Демек, усы ўақытқа шекем ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң саны 1 миллионнан өтпеген.

Быйыл 1 миллион абитуриентлик көрсеткишке ерисилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.