Хабарыңыз бар, быйылғы жылы жоқары оқыў орынларына абитуриентлерден ҳүжжетлер 15-июнь – 15-июль күнлери аралығында қабылланды.

Кеше, 15-июль күни саат 00:00 ге шекем барлық жоқары оқыў орынларында қабыллаў даўам етти.

Мәмлекетлик тест орайының берген мағлыўматларына қарағанда, республикадағы улыўма 60 жоқары оқыў орны ҳәм олардың 30 филиалына кириў ушын 1 миллион 66 мың 925 абитуриент ҳүжжет тапсырған.

 

Хош, 2019-2020-оқыў жылы ушын Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына неше абитуриент ҳүжжет тапсырды? (Мағлыўматлар 2019-жыл 15-июль саат 18:00 жағдайы бойынша)

 

1) Қарақалпақ мәмлекетлик университетине – 33 801 (соннан 786 кешки, 7848 сыртқы билимлендириўге);

2) Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына – 18 705 (соннан 7140 сыртқы билимлендириўге);

3) Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалына – 3645;

4) Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы – 3771 ( соннан 707 сыртқы билимлендириўге);

5) Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы – 1526 (соннан 606 сыртқы билимлендириўге);

6) Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына – 383;

7) Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалына – 376 (соннан 85 сыртқы билимлендириўге);

8) Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалына – 358;

9) Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалына – 262.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.