Елимизде исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде өндиристиң көлеми кеңейип, экономиканың турақлылығы тәмийинленбекте. Әсиресе, исбилерменлер ушын салық жүгиниң азайыўы, кәрханаларда өндирис көлеминиң артыўына ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўына унамлы тәсирин көрсетеди.

Елимизде бәсекиге шыдамлы өндиристи, исбилерменликти ҳәм саламат бәсекилик орталығын қоллап-қуўатлаў, мәмлекеттиң экспортлық мүмкиншилигин кеңейтиў, ишки базарды сапалы тутыныў товарлары менен тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген Президентимиздиң 2019-жыл 27-июнь күнги «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң берилиўин буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы бүгин тараўдың раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе тарийхый ҳүжжет сыпатында атап өтилмекте.

Пәрманға муўапық, мәмлекетимиздиң инвестициялық орталығын және де жақсылаў, әдалатлы бәсекилик принциплерин енгизиўди тәмийинлеў ҳәм салықлар менен бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер бериў әмелиятын тәртипке салыў ушын 2019-жыл 1-августтан баслап, бирден-бир жер салығын төлеўши есапланған аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар ықтыярлы түрде қосымша қун салығын төлеўге өтиўи мүмкин.

 

Бирден-бир жер салығын төлеўшилер

 

Бирден-бир жер салығын төлеўшилер Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар

–     (Олар жер участкаларынан пайдаланған ҳалда, тийкарғы жумыс түри тек ғана аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши юридикалық шахслар;

–     Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен өзлерине берилген жер участкаларына ийе болған юридикалық шахслар;

–     Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын реализациялаў көлеми жәми жумыс көлеминиң кеминде 50 процентин қурайтуғын юридикалық шахслар).

Аўыл хожалығы тараўындағы илимий-изертлеў мәкемелериниң тәжирийбе-экспериментальлық хожалықлары ҳәм билимлендириў мәкемелериниң оқыў-тәжирийбе хожалықлары.

Усы тәртип әмелиятқа енгизилгеннен соң бирден-бир жер салығы төлеўшилери ҚҚСны есаплаўда өзине қолайлы тәртипти таңлаў имканиятына ийе болады.

ҚҚСны ықтыярый түрде төлеўге өткен бирден бир жер салығын төлеўшилерге ҚҚС менен бирге аўыл хожалығы егинлериниң нормативлик қунының 0,95 проценти муғдарындағы бирден-бир жер салығын төлеў миннетлемеси сақлап қалынады.

Соның менен бирге, пәрманға тийкарланып, календарь жылы даўамында хызметлерди реализациялаўдан қалған түсими  100 миллион сумнан асқан, бирақ бир миллиард сумнан көп болмаған, телекоммуникациялардың операторлары ҳәм (ямаса)  провайдерлерине дәлдалшылық хызметлерин көрсететуғын жеке тәртиптеги исбилерменлер хызмет ҳақы суммасынан 25 процент ставкада бирден-бир салық төлемин төлеўге өтетуғыны белгиленген.

Сондай-ақ, 2019-жыл 1-октябрьден баслап бензин, дизель жанар майы ҳәм газди жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы соңғы тутыныўшыға сататуғын юридикалық шахслар, усы товарларды сатыўдан түсетуғын түсимниң қандай болыўына қарамастан, қосымша қун салығы төлеўшилери болып есапланады.

Юридикалық шахслардың коммерциялық банклерге қойған қаржыларынан процент көринисинде алынатуғын төлем дереклерин пайда салығынан азат етиў бойынша жеңилликлер бийкар етиледи.

Қосымша қун салығының толық шынжырын жаратыў ҳәм барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын теңдей шараятларды тәмийинлеў мақсетинде 2019-жыл 1-октябрьден баслап өзи ислеп шығарған аўыл хожалығы өнимлерине ҳәм Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған азық-аўқат өнимлерине белгиленген қосымша қун салығы бийкар етиледи.

2019-жылдың январь айынан сентябрь айына шекем 1 миллиард сумнан аслам ақша айланысы (түсими)на ямаса 50 гектардан аслам аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларына ийе болған бирден-бир жер салығын төлеўшилер қосымша қун салығы төлеўшилери болып есапланады ҳәм қосымша қун салығы төлеўшиси сыпатында белгиленген тәртипте дизимнен өтиўи шәрт. Бунда 2019-жыл 1-октябрьден баслап белгиленген ақша айланысы (түсими) шекленгенлик дәрежесине жеткен бирден-бир жер салығы төлеўшилер усы дәрежеге ерисилген айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап қосымша қун салығын төлеўге өтеди.

Соның менен бирге пахта шийки заты өнимин ислеп шығарыўшылар 2019-жылдың зүрәәтинен баслап қосымша қун салығын төлеўге өтеди.

Исбилерменлик субъектлерине әсбап-үскенелер, аўысық бөлеклер жеткерип бериў бойынша импорт шәртнамалары бойынша мүддети өткен дебиторлық қарыздарлық ушын финанслық жаза қолланылмайды. Усы буйымларды жеткерип бериў мүддети олардың техникалық өзгешеликлери ҳәм өзине тәнлигинен келип шыққан ҳалда 180 күннен аслам болса, әне, усындай имканиятқа ийе болады.

Әлбетте, бул өзгерислер салық жүгин азайтыў жолындағы ҳәрекетлер болып есапланады. Саламат бәсекилик орталығын сақлаў мақсетинде жеңилликлердиң бийкар етилиўи нәтийжесинде бәсекиге шыдамлы өнимлердиң ислеп шығарылыўына тийкар жаратады. Бул болса өз гезегинде, экономиканың турақлы раўажланыўына хызмет етеди.

Ўткирбек Дурдиев,

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығының биринши орынбасары ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы.