USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

КӘСИПЛИК БИЛИМЛЕНДИРИЎ МӘКЕМЕЛЕРИНИҢ ЖАҢА СИСТЕМАСЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛЕДИ

Өзбекстан  Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-июль күни үзликсиз кәсиплик билимлендириў системасын және де жетилистириў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Бүгинги күнде барлық тараў ҳәм тармақларда көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақларда жаңа кәрханалар иске түсирилип, социаллық инфраструктура раўажландырылмақта. Алдында және үлкен режелер ҳәм мақсетлер бар.

Булардың барлығы маман қәнигелерге болған талапты арттырмақта. Өйткени ҳәр бир тараўдың раўажланыўы, жойбарлардың орынланыўы жетик кадрларға байланыслы.

Сол себепли кейинги жылларда билимлендириў системасы модернизацияланып, оқытыўдың формасы ҳәм технологиялары енгизилмекте. Аймақларда жаңа, соның ишинде, сырт ел билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилип, талап жоқары болған қәнигелерди таярлаўға шараят жаратылмақта.

Мәжилисте орта буўын қәнигелери ҳәм жумысшы кәсиплер бойынша кадрлар таярлаўдың нәтийжели системасын жолға қойыў мәселелери додаланды.

Колледжлер негизинде кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң жаңа тармағын қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды. Бул мәкемелерде басланғыш, орта ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярланады. Оқытыў мүддетлери зәрүр билим, маманлық ҳәм көнликпелердиң қурамалылығына қарап ҳәр түрли болады.

Мәжилисте бул системаны енгизиўден бурын оның методологиясын жаратыў, билимлендириў бағдарламаларын халықаралық талаплар тийкарында жаңадан ислеп шығып, оқытыўшы ҳәм өндирис усталарын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Жасларды кәсип-өнерге қызықтырыў ҳәм хошаметлеў мақсетинде усыныс киргизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз  басшысы жаңа кәсиплик билимлендириў системасын мийнет базары талаплары менен үйлестириў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

Орынларда жумыссызлық бақланып атырған бир ўақытта жумысшы кәсиплер бойынша қәнигелерге үлкен талап бар екенлиги атап өтилди. Мәселен, жеңил санаатта 46 мың, қурылыста 104 мың, металлды қайта ислеў бойынша 71 мың, хызмет көрсетиў тараўына 67 мың қәниге жетиспей атыр. Бул билимлендириў ҳәм өндирис арасында байланыс және бирге ислесиў жоқ екенлигиниң ақыбети.

Сонлықтан питкериўшиниң жумысқа орналасыўы ямаса өз бизнесин жолға қойыўы билимлендириў мәкемелери жумысының тийкарғы нормасы болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Президент жаңа кәсиплик билимлендириў системасы бойынша усыныс етилген илажларды буннан былай да жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

1.jpg

ӨзА