Халқымызды арзан ҳәм сапалы шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеў бағдарында республикамызда кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта. Олардан Қараөзек районы А.Досназаров атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  «Panaev Farms» фермер хожалығы тәрепинен алып барылып атырған жумыслар дыққатқа ылайықлы.

Фермер хожалығы 2016-жылы шөлкемлестирилген болып, дәслеп 20 бас қара мал менен жумыс баслаған еди. Елимизде исбилерменлик субъектлерине, фермерлик ҳәрекетине берилип атырған кең имканиятлардан пайдаланған ҳалда заманагөй шарўа компексин қурып, бул жерге Германиядан 60 бас Симменталь ҳәм 18 бас Голштин-фриз породасындағы нәсилли қарамал, сондай-ақ, Австриядан 305 бас Заанен породасындағы нәсилли ешки алып келинди. Буның менен шекленип қалмастан, сырт елли шериклеслер менен бирге ислесиўди даўам еттирген ҳалда Испаниядан 315 бас «Мурсиана Гранадина» породасындағы нәсилли ешки, 315 бас «Ассаф» породасындағы 315 бас нәсилли қой шәртнама тийкарында алып келинип, бүгинги күни күтимли бағылмақта.

Фермер хожалығы 400 гектар егислик майданға, 500 гектар жайлаўға ийе. Бул егислик жерлерге түрли дақыллар егиў, оларды жыйнаў ҳәм тасыў, шарўашылық комплексине хызмет көрсетиў ушын оннан зыят түрли маркадағы техникаға ийе.

Шарўа комплексинде барлық нәрсе автоматластырылған, компьютер жәрдеминде басқарылады. Бул жерге Швецарияның «DELAVAL» ҳәм Грецияның  «Milk Plan»  фирмасының заманагөй асбап-үскенелери орнатылған. Фермер хожалығында сыйырлардан ҳәр күни 850-900 литр, ешкилерден болса 250-300 литр әтипарында сүт саўып алынбақта.

Жетистирилген өнимлерди қайта ислеў, оны халқымызға таяр өним сыпатында жеткерип бериў мақсетинде фермер хожалығының Нөкис қаласындағы сыңар кәрханасы-«Pana Milk» мини сүт заводы иске түсирилди. Оның иске түсирилиўи менен 12 жаңа жумыс орны жаратылды. Бүгинги күни заводта қадақланған сүт, қатық, қаймақ, творог, сыр усаған 54 түрдеги өним ислеп шығарылып, олар Нөкис қаласындағы төрт орындағы, Хожели районындағы бир орындағы арнаўлы саўда шақапшасы арқалы халыққа сатылмақта. Бул жердеги өнимлерге болған талап артып бармақта.

Фермер хожалығының баслығы Тимур Панаевтың атап өткениндей, жақын күнлерде 100 бас малға мөлшерленген және бир заманагөй шарўашылық комплекси иске түсириледи. Бул жерге Түркияның Sezer компаниясының әсбап-үскенлери алып келинип, қәнигелери тәрепинен монтажлаў жумыслары алып барылмақта.

Жаңа компекске усы жылдың гүз айларында 66 бас Голштин-фриз, 31 бас Симменталь породасындағы нәсиллик мал алып келинеди.  Бул бойынша Австрияның «Agro Breeding GmbH» компаниясы менен шәрнама дүзилип, акционерлик-коммерциялық «Халық банки»ниң Қараөзек районлық филиалы тәрепинен кредит қаржысы ажыратылды.

Халықтың шарўашылық өнимлерине болған талабын еле де қанаатландырыў мақсетинде Нөкис қаласында және бир мини сүт заводының қурылысы қолға алынған еди. Бул заводқа Италиядан Michelangelo S.r.l  ҳәм «Inventa Nuove Soluzioni Tecnologiche S.r.l» компаниясының сүтти қайта ислеўши үскенелери алып келинди. Жақын күнлерде бул жерде дәслепки өним шыға баслайды.

-Елимизде тез пәт пенен раўажланып баратырған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, фермерлик ҳәрекетин қаржылай қоллап-қуўатлаўда банк тәрепинен ажыратылып атырған кредитлер айрықша әҳмийетке ийе болмақта,-дейди «Халық банки»ниң Қараөзек филиалы баслығының орынбасары, мониторинг операциялары бөлиминиң баслығы Өсербай Қырықбаев.-Быйылғы жылдың өткен айлары даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жәми 7 миллиард 919,9  миллион сумлық кредит ажыратылды.

Атап айтқанда, «LATIPA» жуўапкершилиги шекленген жәмийети автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў цехын иске түсириў ушын 200 миллион сум, «ROXAT QORAUZAK» жуўапкершилиги шекленген жәмийети нан өнимлерин ислеп шығаратуғын үскенелерди сатып алыўы ушын 170 миллион сум муғдарында кредит пенен тәмийинленди. «Panaev Farms» фермер хожалығы менен узақ жыллық бирге ислесиўимиз  шарўашылық тараўын раўажландырыў, халықты өзимизде ислеп шығарылған сапалы өнимлер менен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етпекте.

Ҳақыйқатында да, фермер хожалығында бүгинги күни 68 адам, соның ишинде жаслар, турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Жақын күнлерде мини сүт заводы, шарўа компексиниң иске түсетуғынын есапқа алатуғын болсақ, олардың қатары және көбейеди.  Демек, фермер хожалығы жаңадан-жаңа табысларға қарай қәдем тасламақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери