Нөкистеги Әмет бақсы атындағы 12-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен көшпели қабыллаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усы партиядан сайланған депутат М.Қурбановтың өз сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитети аппарат хызметкерлери, партия белсендилери, Нөкис қаласындағы «Ғәрезсизлик», «Халықлар дослығы», «Шығыс», «Тынышлық», «Дослық» ҳәм «Шайырлар аўылы» мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары қатнасты.

Ушырасыўды партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Т.Романов кирис сөз бенен ашты.

Соң  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан сайланған депутат М.Қурбанов 2019-жыл – «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша сайлаў округинде әмелге асырылған жумыслар менен бирге алдағы ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 8-июль күнги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, быйылғы жылы байрам елимизде өзгеше кейпиятта «Әзиз Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген идея астында кең түрде белгилениўи күтилмекте.

Ушырасыў даўамында халықтың социаллық турмыс жағдайы, орын алып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар тыңланып, оларды шешиў бойынша депутат бир қатар мәкемелер ҳәм шөлкемлерге депутатлық сораўлар жиберетуғынын атап өтти ҳәм пуқараларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

 

Қабыллаў даўамындағы мүрәжатлардың көпшилиги бәнтлик, исбилерменлик ушын кредит ажыратыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин ашыў сыяқлы мәселелерден ибарат болды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.