Хабарыңыз бар, барлық жоқары оқыў орынларының магистратура бағдары ушын қабыллаў 1-30-июль аралығында даўам етеди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының магистратура қәнигеликлери ушын 2019-2020-оқыў жылына улыўма 96 орын ажыратылған болса, соннан 25 мәмлекетлик грант, 71 төлемли контракт тийкарында талабанлар қабыл етиў белгиленген.

Өткен жылы магистратура қәнигеликлери 14 болған болса, быйылғы жылы олардың қатарына жаңадан инглис тили, қазақ тили ҳәм әдебияты, химия, география, технологиялық тәлим қәнигеликлери қосылып, улыўма қәнигеликлер 19 ға жетти.

Қабыллаў комиссиясының берген мағлыўматларына қарағанда, усы күнге шекем төмендеги қәнигеликлерге талабанлардан ҳүжжетлер қабыл етилген:

 

5А110701 – Билимлендириўде мәлимлеме технологиялары – 1;

5А110401 – Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (биология) – 2;

5А111401 – Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили) – 3;

5А110301 – Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (химия) – 2;

5А111701 – Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (баслаўыш билимлендириў) – 1;

5А112101 – Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (технологиялық билимлендириў) – 1.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.