Республика Гидрометеорология орайы 16-19-июль күнлериндеги ҳаўа-райы болжаўын жәриялады. Бизге берген мағлыўматқа қарағанда Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳаўа бираз бултлы болып өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнде 22-27, күндизги ўақытлары  39-44, дәреже ыссы болады.

ӨзА