«Өзбекнефтьгаз» компаниясының басқарыў директоры Б.Сидиқов биринши мәрте Өзбекстанның газ экспорты бойынша мағлыўматларды келтирип өтти.

Оның сөзлерине қарағанда, Өзбекстан өткен жылы 13 миллиард кубометр газ экспорт еткен. 2019-жылы болса 15 миллиард кубометрден аслам газди жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилген.

Атап айтқанда, Қытайға 8 миллиард кубометр, Россияға 4,5 миллиард кубометр, Қазақстанның қубла аймақларына 2,5 миллиард кубометр, Орайлық Азияның басқа мәмлекетлерине 500-550 миллион кубометр газ экспорт етиледи.

Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанда жылына улыўма 61 миллиард кубометр газ қазып алынбақта. Оның 35-40 миллиард кубометри «Өзбекнефтьгаз»диң үлесине туўра келеди.

Б.Сидиқовтың айтыўынша, алдынлары газ қазып алыў бойынша мағлыўматлар сыр сақланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.