Усы жылдың 12-июль күни Мойнақ районында жайласқан «Мойнақ авка санаат» МУКқа қараслы көлдеги қамыслар өртенип кеткен.

Өртти сапластырыў ушын 2 өрт өшириў бөлимшеси жетип барған. Әмелге асырылған ҳәрекетлер нәтийжесинде өрт өширилген. Дене жарақатын алғанлар ямаса қайтыс болғанлар жоқ.

Өрт ақыбетинде 2-3 гектар ашық майдандағы қамыслар өртенип кеткен.

Өрттиң келип шығыў себеби ҳәм келтирилген зыян муғдары анықланбақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.